Жаслардың коррупцияға қарсы пикири үйренилмекте

27

Европа Аўқамы, Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте “WikiAntiKorrupsiya” (https://wikimarafon.uz/blog/16/) онлайн таңлаўы басланды.

Жаслардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў ҳәм шет тиллерин үйрениўин қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген таңлаў арқалы ҳәзирги ўақытта қатнасыўшылар  @WikiTanlov_bot (https://t.me/WikiTanlov_bot) арқалы дизимнен өтпекте.

Қатнасыўшылар 21-февраль күни коррупцияға қарсы гүресиў темасындағы 40 тест сораўына жуўап береди ҳәм жеңимпазлар анықланады.

Таңлаў өзбек Википедиясын байытыў, жаслар арасында коррупцияға қарсы гүресиўге байланыслы билимлерди арттырыў, инглис тилине қызығыўшылығы жоқары болған жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

Таңлаў жуўмағында ең жоқары нәтийже көрсеткен 30 жеңимпаздың Миллий сертификат ямаса CEFR имтиханында қатнасыў қәрежетлери қаплап бериледи.

Гулноза Бобоева,

ӨзА