Халықтың турмыс жағдайын жақсылаў бағдарындағы жумыслар үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Елликқала районында болып, районлық Медицина бирлеспесиниң жумысы менен жақыннан танысты.
Халыққа көрсетилип атырған медициналық хызмет сапасы, наўқаслар ушын жаратылған шараятлар, бийпул дәри-дәрмақлар менен тәмийинлениўи ҳәм бөлимлердеги бар жағдай ҳәр тәреплеме үйренилди. Емленип атырған наўқаслар менен пикирлесилип, олардың мүрәжат ҳәм усыныслары тыңланды. Сондай-ақ, балалар бөлиминде емленип атырған балаларға саўғалар тапсырылып, олардың ҳалынан хабар алынды.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары район ҳәкимлиги мәжилислер залында нураныйлар менен ушырасып, жақыннан пикирлести.
Онда дәслеп, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслар, турмысқа енгизилип атырған реформалар атап өтилди. Сондай-ақ, ушырасыў даўамында районды комплексли раўажландырыў, социаллық тараўдағы тийкарғы ўазыйпалар, халықтың бәнтлигин ҳәм абаданлығын арттырыў, турмыслық машқалаларға шешим табыў мәселелери талқыланды.

Нураныйлар тәрепинен билдирилген ҳәр бир усыныс ҳәм басламалар белгилеп алынып, оларды әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги