Әмиўдәрьялы футболшылар келеси басқышта

14

Нөкис қаласында республикамыздағы мектеплердиң оқыўшы қызлары арасында футбол бойынша «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри кубоги» ниң Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Жарысқа кубоктиң аймақлық басқышларында жеңимпаз болған Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Нөкис ҳәм Бозатаў районларының командалары қатнасып, кубоктиң финаллық басқышына шығыў ушын өз-ара беллести.

Шек таслаў мәресиминен соң ең дәслеп ойында Әмиўдәрья  районының футболшылары қанлыкөлли қызлар менен ушырасып, онда әмиўдәрьялы қызлар өз қарсыласларын 1:0  есабында жеңип шығыўға еристи. Ал, Нөкис ҳәм Бозатаў районлары футболшылары арасында өткерилген ойында болса, бозатаўлы қызлардың қолы бәлент келди. Есап 0:1.

Соңынан қола медалы ушын ойын өткерилип, онда Қанлыкөл районы командасы жеңимпаз атанды.

Әмиўдәрья  ҳәм Бозатаў районларының командалары арасында болып өткен финал ойыны да оғада қызықлы ҳәм кескин түрде өтип, бул ушырасыўда Әмиўдәрья районындағы 37-санлы мектептиң командасы 1:0 есабында жеңип шығыўға еристи ҳәм жарыстың жуўмақлаўшы басқышына жолламаны қолға киргизди. Алыс Бозатаў районынан келген 10-санлы мектеп оқыўшыларына жарыстың гүмис медалы несип етти.

Соны айтып өтиўимиз керек, «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри кубоги»ниң Өзбекстан Республикасы басқышы усы жылдың 24-30-март күнлери Сурхандәрья ўәлаятында болып өтеди. Ал, жарыс жеңимпазлары болса, «Дамас» автомашинасы ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы