Өзбекстан Президенти Уллы Британия делегациясын қабыллады

38

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-февраль күни әмелий сапар менен елимизде болып турған Уллы Британияның Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан бойынша саўда ўәкили лорд Жон Олдердайсты қабыллады.

Өзбекстан менен Уллы Британия арасындағы өз-ара пайдалы шерикликти, биринши гезекте, саўда-экономикалық тараўда буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.

Сиясий сөйлесиў жедел раўажланып атырғаны, барлық дәрежелерде алмасыўлар жедел даўам етип атырғаны атап өтилди. Қәўипсизлик тараўында нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылды.

Кейинги 5 жылда товар алмасыў 2 есеге артты. Лондон фонд биржасында Өзбекстанның 15 миллиард доллардан аслам баҳадағы суверен ҳәм корпоратив облигациялары жайластырылды. Өткен жылы Биргеликтеги экономикалық комитет механизми иске қосылды.

Британиялы шериклер менен биргеликте Президент мектеплери шөлкемлестирилди ҳәм үш биргеликтеги университет табыслы жумыс алып бармақта. Өзбекстанға келип атырған британиялы туристлердиң саны артып бармақта.

Сөйлесиў даўамында энергетика, қаржы, геология, транспорт, химия, фармацевтика, илим ҳәм билимлендириў тараўларында жаңа жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, регионаллық ҳәм глобаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Ушырасыў жуўмағында көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша биргеликтеги “жол картасы”н қабыл етиўге келисип алынды.

ӨзА