Оқыўшы-жаслар ушын «Ашық есиклер күни»

31

Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, билим дәрежесин арттырыў, олардың әскерий тараўға болған қызығыўшылығын буннан былай да арттырыў мақсетинде Миллий гвардия тәрепинен аймақларда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Улыўма билим бериў мектеплеринде Миллий гвардия әскерий ўатансүйиўшилик классларының шөлкемлестирилиўи, ҳәр қыйлы илажлардың өткерилиўи жас әўлад қәлбинде Ўатанға муҳаббат, миллий армиямызға ҳүрмет, пидайылық сыяқлы идеяларды қәлиплестириў, оларды таңлаған кәсибине садық етип тәрбиялаўға хызмет етпекте.

Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы менен биргеликте Нөкис қаласы 36-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Ашық есиклер күни” илажы шөлкемлестирилди.

– Мектебимизде әскерий техникалар ҳәм арнаўлы әсбап-үскенелердиң көргизбеси болып өтти, – дейди мектеп оқыўшысы Жанар Жақсылыкова. – Биз олардан пайдаланыў тәртиби менен жақыннан таныстық. Әскерий хызметкерлер тәрепинен басқармалардың жумысында жүз берип туратуғын ўақыялар ҳаққында мағлыўмат берилип, бизлерди қызықтырған сораўларға жуўап берди.

Илаж шеңберинде Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы тәрепинен хызмет ийтлериниң жумысы жақыннан таныстырылды ҳәм әскерий қурал-жарақлар көргизбеси өткерилди. Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының өрт ўақтында ҳәм айрықша жағдайларда қолланылатуғын әсбап-үскенелери ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, оқжайдан оқ атыў шынығыўлары оқыўшыларда мергенлик қәбилетин жүзеге шығарыўға хызмет етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.