БАӘ мектеплеринде жасалма интеллект қосымшалары қадаған етилди

8

Бирлескен Араб Әмирликлери Билимлендириў министрлиги мәмлекеттеги барлық билимлендириў мәкемелерине генератив жасалма интеллекттен пайдаланыўды тәртипке салыўшы жаңа мәжбүрий қолланбаны жиберди.

Жаңа тәртипке бола, 7-класстан киши ямаса 13 жасқа толмаған оқыўшыларға ChatGPT сыяқлы жасалма интеллект қосымшаларынан пайдаланыў қадаған етиледи.

Бул шеклеў академиялық ҳадаллықты тәмийинлеў, оқыўшылардың қәўипсизлигин күшейтиў ҳәм билимлендириў процесинде тәртип-интизамды сақлаў мақсетинде енгизилди. Қағыйда 2026-жылға мөлшерленген “Классларда жасалма интеллекттен қәўипсиз ҳәм жуўапкершиликли пайдаланыў” қолланбасында толық баян етилген.

Ҳүжжетте жасалма интеллекттен пайдаланыўдың анық шеңбери ҳәм шегарасы белгилеп берилген. Министрлик тәрепинен тастыйықланбаған жағдайларда бул технологиялардан пайдаланыў әмелдеги билимлендириў қағыйдасына муўапық, жуўапкершиликке себеп болыўы мүмкин.

Ф. ЯХШИБОЕВА,

ӨзА