Дүнья хабарлары қысқа қатарларда

18

АҚШ-Иран сөйлесиўлери: дипломатия шешиўши басқышта

АҚШ ҳәм Иран арасында ядролық бағдарлама бойынша сөйлесиў және жеделлести. Тегеран рәсмийлери Халықаралық атом энергетикасы агентлиги басшылары менен ушырасыў өткерилетуғынын мәлим етти. Бул қәдем сөйлесиўдиң гезектеги басқышына таярлық сыпатында баҳаланбақта.

Вашингтон болса Ислам Республикасы уранды байытыў дәрежеси бойынша қәўетерлениў сақланып қалып атырғанын билдирди. “Reuters” аналитиклериниң пикиринше, келисимге ерисилсе, бул тек ғана регионаллық қәўипсизликке емес, ал жәҳән энергетика базарына да тәсир көрсетеди.

Германия шегара қадағалаўын созды


Германия ҳүкимети миграция басымы ҳәм қәўипсизлик факторын тийкар етип, ишки шегара тексериў тәртибин және алты айға созатуғынын жәриялады. Қарар Европа Аўқамы қағыйдасы шеңберинде қабыл етилген.

Бул қәдем Шенген аймағында еркин ҳәрекетлениў принципине белгили дәрежеде тәсир етиўи мүмкин. Қәнигелер жағдайды Европа мәмлекетлериниң миллий қәўипсизлик мәселесине қатаң қатнасыўы сыпатында баҳаламақта.

Украинада коррупция иси: бурынғы министр қамаққа алынды


Украина ҳуқық қорғаў уйымлары бурынғы энергетика министрин көп муғдарда пара алғанлық гүманы менен қолға алды. Рәсмийлер бул жумысты коррупцияға қарсы гүресиў шеңбериндеги әҳмийетли қәдем, деп атамақта.

Киев усы тәризде халықаралық шериклерге реформа даўам етип атырғанын көрсетпекши. Экспертлердиң пикиринше, бул жумыс мәмлекеттиң ишки сиясий орталығына да тәсир көрсетиўи мүмкин.

Европа Аўқамы санаат сиясатында жаңа басқыш


Брюссель Европа санаатын қоллап-қуўатлаў ҳәм глобаллық бәсекиге шыдамлылықты арттырыў бойынша жаңа стратегия үстинде жумыс алып бармақта. Бул процессте тийкарғы итибар технология, энергия ҳәм жасыл экономикаға қаратылады.

“Politico” хабарына бола, ЕА экономикалық ғәрезсизликти беккемлеўге қаратылған узақ мүддетли режениң бир бөлеги сыпатында мәмлекетлик субсидия ҳәм инвестиция механизмин қайта көрип шықпақта.

Сөйлесиў ҳәм нефть баҳасының турақлылығы


Жәҳән базарында нефтьтиң баҳасы АҚШ-Иран сөйлесиўи тийкарында салыстырмалы турақлы сақланып тур. Инвесторлар геосиясий қәўип-қәтер ҳәм итималлы келисим нәтийжесин дыққат пенен бақламақта.

“СNN Business” таллаўына бола, егер келисим әмелге асса, базарға қосымша нефть кириўи мүмкин. Нәтийжеде баҳаны төменлетиўши басым итималы артады.

Францияда фермерлердиң наразылығы даўам етпекте


Францияда фермерлер Европа Аўқамы саўда сиясаты ҳәм арзан импорт өнимине қарсы және көшелерге шықты. Көтерилисшилер миллий аўыл хожалығы қоллап-қуўатланыўын талап етпекте.

Айырым аймақларда транспорт ҳәрекети шекленген. Ҳүкимет фермерлер менен сөйлесиў өткериўге таяр екенин билдирди.

Қытайда Жаңа жыл экономикалық жеделликти арттырды


Қытайда ай календары бойынша бәҳәр басланыўы белгиленетуғын ең әҳмийетли дәстүрий байрам – Жаңа жыл мүнәсибети менен ишки саяхат ҳәм усақлап сатыў көлеми артты. Миллионлаған пуқаралар мәмлекет бойлап ҳәрекетленбекте.

Экономистлер бул жағдайды ишки талаптың тикленип атырғанының белгиси сыпатында баҳаламақта. Туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўында дәрамат кескин өскени атап өтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги