Әке өз ўазыйпасын ўақтынан алдын орынлады

Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Шымбай районы бөлими мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен алып барылған түсиндириў ҳәм орынлаў ҳәрекетлери даўамында әке өз перзентлери ержеткенге шекем 250 миллион сум муғдарындағы қаржыны алимент ушын алдыннан төлеп берди.
Шымбайлы пуқара А.А. өмирлик жолдасы менен ажырасып кеткен. Еки перзенти болса анасының қарамағында қалған. Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының қарарына тийкар, әкеден ҳәр айда алимент өндириў белгиленеди. Ҳүжжет МОБ Шымбай районы бөлими ис жүргизиўине алынып, мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен ҳәрекетлер алып барылған. Өз ўақтында алимент қаржысын төлеп киятырған әке менен өткерилген түсиндириўлерден кейин ол перзенти ер жеткенше белгиленген пулды төлеўи бойынша бюроға арза менен мүрәжат етти. Оның мүрәжаты көрип шығылды ҳәм 18 жасқа шекемги болған дәўир ушын есапланған алимент қаржысы есабынан 250 миллион сум төлем нақ түрде әмелге асырылды.
МОБ районлық бөлими хызметкерлери тәрепинен көрилген әмелий илажлар ҳәм үгит-нәсият жумысларының нәтийжесинде жоқарыдағы орынлаў ҳүжжети әмелде жуўмақланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги