Глобаллық сиясатта мәдений дипломатияның орны

XXI әсир глобаллық сиясат классикалық дипломатия шеңберинен шығып, мәнис, қәдирият ҳәм мәдений тәсир майданына айланбақта.
Өткен әсирде мәмлекетлераралық қатнасықлар тийкарынан әскерий күш, экономикалық басым ямаса сиясий аўқамлар арқалы қәлиплескен болса, бүгинги күнде мәдений дипломатия сыртқы сиясаттың әдеўир тәсиршең, турақлы қуралы сыпатында көринбекте.
Глобалласыў, санлы коммуникация ҳәм мәлимлеме жеделлиги шараятында мәмлекеттиң сыртқы имиджи енди тек ғана рәсмий билдириў ямаса дипломатиялық сөйлесиў емес, ал белгили бир халықтың мәденияты, тили, билимлендириў системасы, көркем өнери ҳәм турмыс тәризи арқалы қәлиплеспекте. Усы мәнисте мәдений дипломатия – мәмлекеттиң “жумсақ күши” (“soft power”) сыпатында, халықаралық майданда исеним, тилеклеслик ҳәм тәсир шеңберин кеңейтиўге хызмет етпекте.
Бул мақалада мәдений дипломатияның глобаллық сиясаттағы орны, эволюциясы ҳәм заманагөй трансформация процеси темалары талланады. Сондай-ақ, дәстүрий формалардан санлы ҳәм гибрид форматларға өтиў, геосиясий бәсекиде мүнәсип орын ийелеў жоллары ашып бериледи.

Бизге белгили, мәдений дипломатия мәденият, қәдириятлар, тарийх ҳәм руўхый мийрасты сырт ел жәмийетшилигине жеткериў арқалы мәмлекеттиң унамлы имиджин қәлиплестириўге қаратылған сыртқы сиясий жумыс түри болып есапланады. Бундай дипломатия классикалық усылдан өзгеше түрде тек ғана ҳүкиметлер емес, ал жәмийетлер, халықлар ҳәм мәдений мәканлар арасында да избе-из байланысты жолға қояды.
Теориялық жақтан мәдений дипломатия “жумсақ күш” концепциясы менен тығыз байланыслы. Жумсақ күш басқа мәмлекетти мәжбүрлеў емес, ал тартыў, исендириў ҳәм өзине бейимлестириў арқалы тәсир көрсетиў болып табылады. Бул процессте мәденият, билимлендириў, тил ҳәм қәдириятлар тийкарғы қуралға айланады.
Әҳмийетли тәрепи сонда, мәдений дипломатия қысқа мүддетли сиясий пайдадан гөре, узақ мүддетли исенимли ҳәм турақлы қатнасықты қәлиплестиреди ҳәм геосиясий келиспеўшиликлер күшейген дәўирде де байланыс үзилиўиниң алдын алыўшы “көпир” ўазыйпасын атқарады.
Бүгинги халықаралық қатнасықлар системасында мәдений дипломатия төмендеги тийкарғы ўазыйпаларды орынлайды:
Бириншиден, мәмлекеттиң сыртқы имиджин қәлиплестиреди. Мәденияты бай, ашық ҳәм инновациялық мәмлекетлер халықаралық жәмийетшиликте исенимли шерик сыпатында қабыл етиледи.
Екиншиден, сиясий қарама-қарсылықты жумсартады. Рәсмий дипломатия сәтсизликке ушыраған жағдайларда мәдений байланыс қарым-қатнасты сақлап қалыўға хызмет етеди.
Үшиншиден, глобаллық бәсекиде дәстүрий емес үстинлик береди. Әскерий ямаса экономикалық имканияты шекленген мәмлекетлер мәдений тәсир арқалы өз абырайын арттырыўы мүмкин.
Төртиншиден, халық дипломатиясын раўажландырады. Студентлер алмасыўы, мәденият фестивальлары, кино, музыка ҳәм әдебият арқалы мәмлекетлер арасында тиккелей жәмийетшилик байланысларды күшейтеди.
Сонлықтан мәдений дипломатия бүгинги глобаллық сиясатта қосымша қурал емес, ал сыртқы сиясаттың ажыралмас бөлеги сыпатында көринбекте.
Дәстүрий көринистен санлы майданға

Дәстүрий мәдений дипломатия көбирек мәдений орайлардың жумысы, көргизбе, концерт ҳәм билимлендириў бағдарламалары арқалы әмелге асырылған. Нәтийжеде, XXI әсирде бул механизм пүткиллей өзгерди.
Санлы платформалар пайда болыўы менен мәдений тәсир географиялық шеклеўден шықты. Енди мәмлекетлер өз мәдениятын социаллық тармақ, онлайн билимлендириў, платформа ҳәм санлы контент арқалы глобаллық аудиторияға жеткермекте.
Бундай усыл белгили бир өзгерислерди келтирип шығарды: мәдений дипломатия жедел ҳәм ғалабалық түс алды, мәмлекетке қосымша мәмлекетлик емес субъектлер – блогерлер ҳәм дөретиўшилер, университетлер жеделлести, мәлимлеме урысы ҳәм мәдений бәсеки элементлери күшейди. Нәтийжеде мәдений дипломатия тек ғана унамлы имидж қуралы емес, ал геосиясий бәсеки майданына да айланды.
Глобаллық сиясий бәсеки тереңлесип баратырған шараятта мәдений дипломатия мәмлекетлер ушын стратегиялық ресурсқа айланбақта. Бул процесс тосыннан емес: әскерий күш ямаса экономикалық басым қысқа мүддетли нәтийже бериўи мүмкин, бирақ мәдений тәсир арқалы қәлиплескен исеним көп жыллар даўамында сақланып қалады. Сол себепли заманагөй халықаралық қатнасықларда мәмлекетлер өз мәдениятын тек ғана үгит-нәсиятлаў емес, ал глобаллық аудитория ушын тартымлы, заманагөй ҳәм ашық түрде усыныўға умтылмақта.

Ҳәзирги жағдай мәдений дипломатия мазмуны жағынан да өзгерип атырғанын көрсетеди. Бурын мәденият көбирек тарийх, дәстүр ҳәм классикалық көркем өнер арқалы сәўлеленген болса, бүгин инновация, креатив индустрия, билимлендириў, туризм ҳәм санлы мәденият пенен үнлес ҳалда көрсетилмекте. Мәмлекеттиң абырайы енди тек ғана өтмиш мийрасы менен емес, ал заманагөй дүньяға қалай бейимлесип атырғаны, жаслар менен қалай қарым-қатнас жасап атырғаны менен де баҳаланбақта.
Ҳәзирги ўақытта мәдений дипломатия глобаллық мәлимлеме майданындағы кескин бәсеки шараятында жасамақта. Санлы платформалар арқалы мәденият тез тарқалады, бирақ сонша тез пикир-талас, сын ҳәм ҳәттеки манипуляция объектине айланыўы да мүмкин. Соның ушын заманагөй мәдений дипломатия тек ғана контент жаратыў менен шекленбейди, ал руўхый исеним, сөйлесиў мәденияты ҳәм ашық-айдынлыққа сүйенеди. Бул болса мәмлекетлерден стратегиялық пикирлеў, узақ мүддетли мәдений сиясат жүргизиўди талап етеди.
Және бир әҳмийетли тәрепи – мәмлекет монополиясынан шығыў процеси. Бүгин университетлер, илимий орайлар, кино ҳәм музыка индустриясы, спорт, ҳәттеки, жеке шахслар да мәдений дипломатия субъектине айланбақта. Бул жағдай мәдений тәсирди және де күшейтсе де, басқарыўды қыйынластырады. Усы жерде мәмлекеттиң ўазыйпасы мәдениятты қатаң қадағалаў емес, ал қоллап-қуўатлаў, муўапықластырыў ҳәм глобаллық майданда еркин ҳәрекетлениўине шараят жаратыўдан ибарат.
Глобаллық сиясатта мәдений дипломатияның әҳмийети және бир фактор – қарама-қарсы геосиясий орталықта да сөйлесиў имканиятын сақлап қалыў өзгешелиги менен байланыслы. Қарсы көзқарас, санкция ямаса сиясий суўықлық шараятында да мәдений байланыс пүткиллей үзилмейди. Әне усы тәрепи мәдений дипломатияны халықаралық турақлылықты тәмийинлеўши әҳмийетли фактор сыпатында көрсетип, дәстүрий дипломатиядан үстинликти тәмийинлейди.
Усы көзқарастан мәдений дипломатия концепциясы сыпатында алға қойылған, “Joseph Nye” атап өткен “жумсақ күш” идеясы бүгин жаңа мазмун менен байымақта. Бул тәлиймат енди тек ғана тартымлылық емес, ал руўхый исеним, глобаллық жуўапкершилик түсиниклери менен үйлеспекте. Мәмлекетлер мәдений дипломатия арқалы тек ғана өз мәплерин алға қоймақта емес, ал глобаллық машқалаларға мүнәсибетин де көрсетпекте.
Жуўмақ сонда, мәдений дипломатия глобаллық сиясатта екинши дәрежели емес, ал стратегиялық әҳмийетке ийе тәсир қуралына айланған. Қайта қәлиплесиў процеси болса дүньядағы сиясий, технологиялық ҳәм мәдений өзгерислер менен тығыз байланыслы. Мәдений тәсирди дурыс аңлаў ҳәм заманагөй түрде қолланыў қәбилети халықаралық майданда узақ мүддетли абырай ҳәм исенимге ерисиў имканиятын береди. Бүгинги дүньяда мине, усы фактор мәмлекетлердиң ҳақыйқый глобаллық орнын белгилеп бермекте.
Мусулмон Зиё, ӨзА