Технопарклер – электротехника санаатын жаӊа басқышқа алып шығып атырған кластерге айланбақта

Президент Шавкат Мирзиёев 13-февраль күни Ташкент ўәлаятының Оҳангарон районына барып, электротехника санааты технопаркиндеги кәрханалардың жумысы менен танысты.
Дәслепки мәнзил жоқары күшлениўли кабель өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен “Enco Group” кәрханасы болды.
Елимизде энергетика тармағын жедел модернизациялаў, жаңа электр станциялары ҳәм подстанциялар қурыў, магистраль тармақларды жаңалаў және қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Экономика тармақлары ҳәм халықтың санының өсиўи нәтийжесинде электр энергиясына болған талаптың артып баратырғаны жоқары күшлениўли электр узатыў тармақларын раўажландырыўды талап етпекте. Сол себепли, жоқары күшлениўли кабель өнимлерине ишки ҳәм сыртқы базарларда турақлы талап қәлиплеспекте.
Жумысы усы талапты қанаатландырыўға қаратылған “Enco Group” кәрханасы Беларусь Республикасының “Энергокомплект” компаниясы менен биргеликте “Eltech Industrial” технопарки аймағында 21 гектар майданда қурылмақта. Жойбардың улыўма баҳасы дерлик 60 миллион долларды қурайды. Кәрхана толық қуўатлылыққа шыққанынан соң 600 ге шамалас жаңа жумыс орны жаратылады.
Жойбар еки басқышта әмелге асырылмақта. Кәрхана жылына 25 мың тонна өним ислеп шығарыўы, экспорт потенциалы 300 миллион долларды қурайтуғыны күтилмекте.
Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумысларының биринши басқышы 98 процентке жуўмақланған, 10 миллион доллардан аслам инвестиция өзлестирилген. Кәрхана өнимлерин Германия, Латвия, Эстония, Болгария ҳәм ҒМДА мәмлекетлерине экспорт етиў режелестирилген болып, дәслепки есап-санақларға бола, жыллық экспорт көлеми 140 миллион долларға жетиўи болжанбақта.
Өткен жылы елимизге 400 миллион долларға шамалас жоқары күшлениўли кабель өнимлери ҳәм изоляцияланған мыс шиналар импорт етилген. Кәрхана толық иске қосылғаннан соң 150 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын усындай өним ислеп шығарыў имканияты жаратылады.
Орайлық Азияда бундай бағдарда жумыс алып барып атырған 12 кәрхананың 4 еўи Өзбекстанның үлесине туўра келеди. Бул елимизде электротехника санааты басқышпа-басқыш жоқары қосымша қун жарататуғын тармаққа айланып атырғанын көрсетеди.
Мәмлекетимиз басшысына кәрхананың келешектеги раўажланыў режелери, өндирис көлемин кеңейтиў, өним түрлерин көбейтиў ҳәм локализациялаў дәрежесин арттырыў бойынша усыныслар таныстырылды.
Президентимиз санаат кооперациясын кеңейтиў, жергиликли шийки заттан нәтийжели пайдаланыў, алдынғы технологияларды енгизиў ҳәм экспортқа қолайлы бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды буннан былай да күшейтиў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.
Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Оҳангарон районындағы “Vades Group” компаниясы тәрепинен әмелге асырылып атырған жоқары технологиялы жойбар менен танысты.
Бул кәрханада идентификация ушын мөлшерленген микропроцессор модульлери, сим-карталар, сондай-ақ, транспорт, социаллық ҳәм халықаралық төлем карталарын ислеп шығарыў жолға қойылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 22-январьда “Электротехника санаатын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары қабыл етилген. Ҳүжжетте электротехника санааты ҳәм оған байланыслы тараўларды раўажландырыў, жоқары технологиялық ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў бағдарында ўазыйпалар белгилеп берилген.
Соған муўапық, кәрхана санлы мәмлекетлик хызметлерди енгизиў, пуқаралардың күнделикли талаплары ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз төлем системаларын қәлиплестириўде зәрүр болған қуралларды ислеп шығарады.
Германияның “Infineon technologies” компаниясы менен биргеликте “Eltech Industrial” технопарки аймағында шөлкемлестирилип атырған кәрхананың улыўма баҳасы 15 миллион долларға тең.
Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумысларының екинши басқышы он бес процентке орынланып, 7 миллион доллар инвестиция өзлестирилген.
Аймағы 4 гектар майданды ийелеген заманагөй комплексте 100 ге шамалас жаңа жумыс орны жаратылады, 6 миллион долларлық экспорт әмелге асырылады.
Мағлыўмат орнында айтыў мүмкин, 2025-жыл даўамында мәмлекетимизге 35 миллион долларлық микропроцессор модульлери, сим-карталар ҳәм ҳәр қыйлы төлем карталары импорт етилген.
Бул кәрхана толық иске қосылыўы есабынан 5 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өним ислеп шығарылып, базардағы өзине түсер баҳасы үш-бес процентке азайыўы күтилмекте.
Заманагөй кәрханада ислеп шығарылатуғын өнимлер Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Мозамбик, Камбоджа сыяқлы бир қатар мәмлекетлерге экспорт етиледи.
Мәмлекетимиз басшысы ҒМДА мәмлекетлери арасында өндирис көлеми бойынша үшинши орында болыўы күтилип атырған бул кәрханада жаратылып атырған шараятлар, технологиялық өндирис процесслери менен жақыннан танысты.
Президентимиз жоқары қунлы өнимлер бойынша инновациялық қатнасларды енгизиў, жергиликли кадрлардың потенциалын арттырыў ҳәм экспортты буннан былай да кеңейтиў мәселелеринде әҳмийетли тапсырмалар менен усыныслар берди.
Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятына сапары шеңберинде Оҳангарон районындағы “Infinity Copper Group” мыс қубырлары ҳәм фитинглер ислеп шығарыў кәрханасында да болды.
Жойбар Қытай ҳәм Германия компаниялары менен биргеликте 10 гектар майданда әмелге асырылып атырғаны, оның улыўма баҳасы 36 миллион долларға тең екени ҳаққында мағлыўмат берилди.
Бул жерде қурылыс жумыслары 90 процентке жуўмақланған, жойбар шеңберинде 14,9 миллион доллар инвестиция өзлестирилген.
Өзбекстанға 2025-жылы 15 миллион долларлық мыс қубырлар ҳәм фитинглер импорт етилген. Бул кәрхана толық иске қосылғаннан соң, 10 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өним ислеп шығарылыўы күтилмекте.
Кәрханада 300 жаңа жумыс орны жаратылады, 200 миллиард сум бюджет түсимлери тәмийинленеди ҳәм 350 миллион долларлық экспорт әмелге асырылады. Өнимлер Бирлескен Араб Әмирликлери, АҚШ, Африка континенти ҳәм Европа мәмлекетлерине жеткерип бериледи.
“Infinity Copper Group” Өзбекстанда мыс қубырлары ҳәм фитинглер ислеп шығарыў көлеми бойынша жетекши орынды ийелеп, жәми төрт өндирис кәрханасын өз ишине алады.
Президентимиз елимизде мыс қубырлар ҳәм фитинглер ислеп шығарыўды буннан былай да раўажландырыў, жоқары қосымша қунға ийе санаат өнимлериниң үлесин арттырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Бундай заманагөй, бәсекиге шыдамлы кәрханалардың санын көбейтиў арқалы ишки базардың талабын толық қанаатландырыў ҳәм экспорт потенциалын және де кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Оҳангарон районына сапары даўамында “Premier” турмыслық техника өнимлерин ислеп шығарыў кәрханасының жумысы менен де танысты.
Кейинги жыллары мәмлекетимизде электротехника санаатын раўажландырыў ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта. Нәтийжеде тармаққа тиккелей сырт ел инвестицияларын ҳәм заманагөй технологияларды тартыў, жергиликли шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў, импорттың орнын басатуғын, экспорт базарларында бәсекиге шыдамлы ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў кеңейди.
Атап айтқанда, Оҳангарондағы бул жойбар да Бирлескен Араб Әмирликлериниң “Fajr Al Mustaqbal General Trading” кәрханасы менен биргеликте 10 гектар майданда әмелге асырылып атырған болып, улыўма баҳасы 30 миллион долларды қурайды.
Жойбар шеңберинде 250 жаңа жумыс орны жаратылады, 4 миллион доллар экспорт әмелге асырылады. Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары 95 процентке орынланып, 11,3 миллион доллар инвестиция өзлестирилген.
Бул кәрханада ислеп шығарылатуғын өнимлер Әзербайжан, Қазақстан, Тәжикстан, Россия, Қырғыз Республикасы, Аўғанстан сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етиледи.
Ҳәзирги ўақытта бундай кәрхана Өзбекстанда екеў, Орайлық Азияда болса төртеў болып, олардың арасында бул жойбар өним ислеп шығарыў көлеми бойынша екинши орында турады.
Келешекте комплекс толық иске қосылыўы есабынан 87 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өним ислеп шығарылыўы күтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың жумыс процесин, өнимлердиң сапасын көзден өткерди. Қәнигелер ҳәм жумысшылар менен сәўбетлести.
Усы жердиң өзинде кәрхананың 2026-2027-жылларға мөлшерленген раўажланыў бағдарламасы таныстырылды. Мәмлекетимиздеги электротехника өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың көргизбеси менен танысты.
Президентимизге “Eltech Industrial” технопаркинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм перспективалы режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.
Технопарк электротехника санаатын жаңа басқышқа алып шығыў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм экспорт географиясын кеңейтиўге қаратылған ири санаат кластерине айланбақта. Технопарк төрт аймақтан ибарат болып, улыўма майданы 362 гектарды қурайды. Ҳәзирги күнде 4 жойбар иске қосылған, 27 жойбар қәлиплестирилген. Улыўма баҳасы 797 миллион доллар болған кәрханаларда мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм салмақлы экспорт көлемине ерисиў режелестирилген.
Иске қосылған кәрханаларда мыс қубырлар ҳәм фитинглер, микропроцессор модульлери ҳәм сим-карталар, жоқары күшлениўли кабельлер және турмыслық техника өнимлери ислеп шығарылмақта. Келешекте жүдә жуқа мыс фольгасы, басқарыў ҳәм СИП кабельлери, робототехника ҳәм электроплаталар сыяқлы жаңа түрдеги өнимлер өзлестириледи.
– Электротехника санаатын экономикамыз драйверлеринен бирине айландырып, көрсеткишлерди келешекте он миллиард долларға жеткериўди стратегиялық мақсет етип қойыўымыз зәрүр. Оның ушын ишки ҳәм сыртқы базарларда беккем орын ийелеў, бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығарыў және тараў ушын жетик, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе кадрлар таярлаўға айрықша итибар қаратыўымыз шәрт, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Абдулазиз РУСТАМОВ,
Марҳабо ХОЖИАКБАРОВА,
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршылары