“Жыл муғаллими” таңлаўының екинши басқышына старт берилди

26

Ҳәзирги ўақытта Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен “Жыл муғаллими” таңлаўының екинши басқышы өткерилмекте.

Таңлаў шеңберинде қатнасыўшылар өз пәнлери бойынша оқыўшыларға сабақ өтип, төрешилер қурамы ҳәм кәсиплеслери олардың сабақларды өтиўин, оқыўшылар менен ислесиўин ҳәм оларды сабаққа қызықтырыў шеберлигин баҳалап бармақта.

Ең жоқары нәтийжелерди көрсеткен педагоглар кейинги, яғный үшинши басқышқа усыныс етиледи.

Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, бул таңлаў 3 басқыштан ибарат болып, ҳәр бир районнан (қаладан) жеңимпаз болған муғаллим дерлик 600 миллион сумлық сыйлыққа ийе болады. Екинши басқыш сынақлары төрешилер тәрепинен 60 баллық система, сондай-ақ, талабан жасайтуғын район (қала) дағы педагоглар тәрепинен 40 баллық система тийкарында баҳаланады.

Сабақлар 45 минутлық үзликсиз, толық ҳәм монтажсыз видеокамераға жазып алынып,  pedagog.uzedu.uz платформасына жайластырылады. Даўыс бериў де усы платформа арқалы әмелге асырылады. Соңында ҳәр бир районнан (қаладан) ең жоқары балл топлаған 2 талабан үшинши басқышқа усыныс етиледи.

– Мине, бүгин Беруний, Елликқала ҳәм Төрткүл районлары муғаллимлери арасында «Жыл муғаллими» таңлаўының екинши басқышы әмелге асырылмақта, -дейди таңлаў қатнасыўшысы М.Шарипбаева. – Мен Төрткүл районындағы 22-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң ана тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими сыпатында 8-класс оқыўшыларына сабақ өттим. Таңлаўға қызғын таярлық көрдик. Сабақ даўамында бир қатар интерактив қураллардан, жасалма интеллект мүмкиншиликлеринен, интернет программаларынан кеңнен пайдаландым. Бул методларды қолланыў ушын мектепте жаратылған шараятлар қолайлы болды. Оқыўшылар да сабақты қызығыўшылық пенен тыңлады.

Таңлаў даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги