Зәҳириддин Муҳаммед Бабур – мәмлекетлик ғайраткер ҳәм уллы сөз шебери

33

 

Өзбек классикалық әдебиятының ири ўәкили, уллы шайыр, тарийхшы, географ, мәмлекетлик ғайраткер, талантлы сәркарда, бабурийлер династиясының тийкарын салыўшы, темурий шахзада Зәҳириддин Муҳаммед Бабур миллетимиздиң ең жарқын ўәкиллеринен бири.

Ҳәзирги ўақытта елимизде орта әсир Шығыс мәденияты ҳәм әдебиятының уллы ўәкили Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылған күниниң 543 жыллығы кеңнен белгиленбекте.

Мине, усындай руўхый-ағартыўшылық илажлардан бири Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясында “Зәҳириддин Муҳаммед Бабур – мәмлекетлик ғайраткер ҳәм уллы сөз шебери” атамасында шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң ўәкилликли уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, дин ҳәм жаслар мәселелери бойынша кеңесгөйиниң орынбасары, Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясының ректоры Музаффар Камилов Бабур Мырзаның бай илимий дөретиўшилиги, руўхый ғәзийнелери менен таныстырыў, шығармаларын оқыўға ийтермелеў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы екенин атап өтти.

Ҳақыйқатында да, Бабур Мырза дөретиўшилигиниң сағасы есапланған мемуар шығарма “Бабурнама” тек ғана миллий әдебиятымыздың бийбаҳа дүрданаларынан емес, ал жәҳән әдебиятының сийрек ушырасатуғын үлгилеринен бири болып есапланады.

Бул шығарманың әҳмийетли тәреплеринен және бири, сол дәўирде әдебиятымызда проза жанрында жаратылған ири шығармалардан бири сыпатында да әҳмийетли орын ийелейди. Бул энциклопедиялық китап 30 дан аслам тилге аўдармаланған. Бабур ҳәм бабурийлер династиясына байланыслы бийбаҳа дереклер дүньяның 70 тен аслам музейлеринде сақланбақта.

Илажда Зәҳириддин Муҳаммед Бабурдың илим-ағартыўшылық ҳаққындағы идеялары, әдеп-икрамлылық, жақсылық, опадарлық, халқын сүйиўшилик, адамгершилик, Ўатаннан айырылыў қайғы-ғам екени, әдиллик ҳаққындағы көзқараслары ҳәзирги дәўир жасларының тәрбиясында да оғада әҳмийетли екени атап өтилди.

Илаждың көркемлик бөлиминде студентлер театр студиясы тәрепинен “Бабур сағынышы”, “Бабур ўәсияты”, “Зәҳириддин Муҳаммед Бабур ҳәм малика Байда” сәўбети сәўлеленген сахналық көринислер, Бабур Мырза ғәззеллерине жазылған нама-қосықлар жыйналғанларға көрсетилди.

Шайырдың дөретиўшилиги ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди. Студентлер тәрепинен ҳәр қыйлы тиллерде ғәзел ҳәм рубайылар оқылды.

 

Назокат УСМОНОВА,

 ӨзАның хабаршысы