Китапқумар жаслар менен ашық сәўбет өткерилди

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Шоманай районында “Креатив исбилермен жаслар” жойбары шеңберинде китапқумар жаслардың қатнасыўында руўхый-ағартыўшылық ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ашық сәўбет форматында өткерилген “Book & Coffee Talks” илажы жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын жетилистириў, олардың руўхый-интеллектуаллық потенциалын арттырыў сондай-ақ, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылды.
Илажда Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң депутаты Дина Ибадуллаева, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, ҳуқықтаныўшы Орынбай Ешмуратов, партия белсендилери ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыў даўамында китап инсан камалаты, ҳуқықый сана ҳәм пуқаралық позициясын қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.
Илажда елимизде жасларға жаратылып атырған кең имканиятлар, билимлендириў ҳәм исбилерменлик тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған бағдарламалар ҳаққында ҳәр тәреплеме пикирлер билдирилди. Атап өтилгениндей, ағартыўшылық ҳәм интакер жаслар мәмлекет раўажланыўының беккем тийкары болып есапланады.
Депутат Д. Ибадуллаева жаслардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, оларды жәмийетлик турмысқа кеңнен тартыўда китапқумарлықтың әҳмийети шексиз екенин атап өтти. Сондай-ақ, партия тәрепинен жаслардың мәплерин қорғаў ҳәм олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Жазыўшы ҳәм ҳуқықтаныўшы Орынбай Ешмуратов болса жаслар менен қызғын пикирлесип, өзиниң шығармалары ҳәм ҳуқықый мәселелер бойынша көзқараслары менен бөлисти. Ол китап оқыў инсан ой-пикирин байытыўы, ҳуқықый мәдениятты арттырыўы ҳәм жасларды жәмийетлик турмыста белсенди болыўға ийтермелейтуғынын атап өтти.
Илаж жуўмағында белсене қатнасқан жасларға көркем китаплар саўға етилип, олардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын және де хошаметлеўге айрықша итибар қаратылды.

Бул ушырасыў жаслар менен ашық пикирлесиў майданына айланып, олардың пикир-усынысларын тыңлаў, интеллектуаллық потенциалын арттырыў ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўын тәмийинлеўге хызмет етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги