Шоманайда исбилермен ҳаял-қызлардың саны артпақта

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен өткерилип атырған “Мәҳәлледеги исбилермен ҳаял” таңлаўы Шоманай районында жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Бул таңлаў ҳаял-қызлардың исбилерменлик потенциалын жүзеге шығарыў, оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм мәҳәллелерде экономикалық белсендиликти буннан былай да күшейтиўге қаратылғаны менен әҳмийетли.
Таңлаўдың мәҳәлле басқышы “Моншақлы,” “Мәденият,” “Таза базар,” “Сарманбай көл” ҳәм “Мамый” мәкан пуқаралар жыйынларында болып өтти. Онда мәҳәлле турмысында белсене қатнасып киятырған исбилермен ҳаял-қызлар таңлап алынды. Ҳәр бир қатнасыўшының искерлиги үйренилип, олардың жумыс тәжирийбеси, жаратқан жумыс орынлары ҳәм мәҳәллениң раўажланыўына қосып атырған үлесине айрықша итибар қаратылды.
Атап айтқанда, “Моншақлы” мәҳәллесинде жумыс алып барып атырған өнермент Мадина Хожабаева дерлик он жылдан берли миллий өнерментшиликти раўажландырып келмекте. Ол қой жүнинен кийиз гилемлер, миллий көйлеклер ҳәм аяқ кийимлер таярлап, әсирлер даўамында қәлиплескен дәстүрлерди заманагөй усыл менен үйлестирмекте. Оның устаханасы тек ғана жергиликли халық емес, ал сырт елли туристлер ушын да қызықлы орынға айланған. Бул жерде туристлер өним таярлаў процесин тиккелей бақлап, миллий өнерментшилик сырлары менен танысыў имканиятына ийе болмақта. Итибарлысы, исбилермен таярлап атырған өнимлер сырт ел базарларына экспорт етилип, миллий брендимизди халықаралық көлемде көрсетпекте. Соның менен бирге, ол өз тәжирийбесин жасларға үйретип, көплеген шәкиртлер таярламақта ҳәм мәҳәлледе ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге мүнәсип үлес қоспақта.
“Мәденият” мәҳәллесиндеги исбилермен Манзура Шерманова да тигиўшилик бағдарында өз брендин қәлиплестирип, “Marziya Tailor” ательесин жолға қойған. Ол заманагөй ҳәм сапалы кийимлер ислеп шығарып, өнимлерин жергиликли базарларға ҳәм қоңсылас Қазақстан Республикасына экспорт етпекте. Ҳәзирги ўақытта ол мәҳәлледеги бес ҳаял-қызды турақлы жумыс пенен тәмийинлеп, олардың турақлы дәрамат табыўына шараят жаратқан. Марзия өз жумысында базар талабын терең үйрениў, сапа ҳәм заманагөй дизайнге тийкарғы әҳмийет қаратыў арқалы киши бизнести турақлы раўажландырыўға ериспекте. Бул болса жергиликли брендти беккемлеў ҳәм экспорт потенциалын арттырыўға хызмет етпекте.
Сондай-ақ, таңлаў шеңберинде “Таза базар” мәҳәллесинде жеке тәртиптеги исбилермен Манзура Режепованың гөззаллық салоны, “Сарманбай көл” мәҳәллесинде гипстен декоратив буйымлар ислеп шығарып атырған Шаҳрибону Юсупова ҳәм “Мамый” мәҳәллесинде тигиўшилик пенен шуғылланып атырған Гүлжамал Жамиеваның искерлиги менен жақыннан танысылды. Олардың ҳәр бири өз бағдары бойынша мәҳәлледе жаңа жумыс орынларын жаратыў, хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге мүнәсип үлес қоспақта.

Таңлаў жуўмағында мүнәсип деп табылған исбилермен ҳаял-қызларға район басқышында қатнасыў ушын жолламалар берилди.
Жуўмақлап айтқанда, бундай басламалар мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, ҳаял-қызлардың экономикалық белсендилигин арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етпекте. Әҳмийетлиси, белсенди ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў арқалы шаңарақлардың абаданлығы ҳәм аймақтың экономикалық раўажланыўы беккемленбекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги