Кирип киятырған Рамазан айы мүнәсибети менен арзанластырылған азық-аўқат ярмаркалары шөлкемлестириледи

Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Тармақ базарлары ҳәм мийнет өнимдарлығы орайы инфляция бойынша ишки ҳәм сыртқы қәўип-қәтерлерди алдыннан анықлап, оларға әмелий шешим табыў мәселеси менен шуғылланыўы белгиленди.
Министрликтиң аймақлық басқармаларында орайдың екеўден ўәкили болады. Орай ҳәр ҳәптеде район ҳәм қаладағы базарларды таллап, қайсы өнимге ҳәзир қанша талап бар екенин, бир ай, үш ай, бир жылдан кейин талап қандай өзгеретуғынын прогноз етеди.
Бар қуўатлықлар ҳәм қоймаханалардағы өнимлер талапты қаншаға қаплаўы, жетиспейтуғын бөлегин нениң есабынан тәмийинлеўи бойынша ҳәр шеректе тийкарғы азық-аўқат өнимлери балансы қәлиплестириледи.
– Келеси ҳәптеден мүбәрек Рамазан айы басланады. Сақаўат, мийрим-шәпәәт ҳәм шүкиршилик белгиси болған бул муқаддес күнлерде ишки базарларда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли, – деди мәмлекетимиз басшысы және дийқан базарлары ҳәм ири саўда комплекслеринде арзанластырылған азық-аўқат ярмаркаларын баслаў бойынша тапсырма берди.
Мәжилисте тармақ ҳәм аймақлар басшыларының есабатлары тыңланды.