Жуўапкерлерге республика санаатын кеминде 8,5 процентке өсириў бойынша тармақлар ҳәм аймақлар кесиминде режени тастыйықлаў ўазыйпасы қойылды

Орынларда исбилерменликти раўажландырыў ушын кредит ресурслары көбейип бармақта. Бирақ ҳәкимлер буның экономикалық өсимге, жумыс орны ҳәм бюджетке тәсирин есап-санақ етпей атыр.
Мәселен, Топыраққала, Китап, Яккабағ ҳәм Пахтачи қалаларында ажыратылған кредитлер кеминде 20 процентке артқан болса, санаат өсими 3 процент те болмаған.
Егер ўәлаят ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары бул кәрханалардың машқаласын тыңлап, өз ўақтында шешим тапқанда, республика санаатында қосымша 1 процент, жалпы ишки өнимде 0,1 процент өсим болған, бюджетке қосымша 1 триллион сум түсим түскен болар еди.
Бас прокуратураға кейинги үш жылда иске қосылған, бирақ төмен қуўатлықта ислеп атырған жойбарларды, бул кәрханалардың жумысына тосқынлық етип атырған ҳәр бир мәселени бирме-бир үйрениў тапсырылды.
Улыўма, жуўапкерлерге республика санаатын кеминде 8,5 процентке өсириў бойынша тармақлар ҳәм аймақлар кесиминде режени тастыйықлаў ўазыйпасы қойылды.
Биринши шерек жуўмағы менен санаат кәрханаларында неше мәселе анықланып, қаншасы шешилгенине қарап, экономикалық комплекс, тармақ басшылары, ўәлаят ҳәкимлериниң жумысына баҳа берилетуғыны атап өтилди.
ӨзА