Быйыл 50 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў бойынша режелестирилген

1

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тармақ ҳәм аймақларда жоқары экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис болып өтпекте.

Президентимиз жаңа жойбарлар, бәринен бурын, жоқары қосымша қунлы ҳәм экспортқа жарамлы өним ислеп шығарыўға, шийки зат ҳәм энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўға, жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратып, мийнет өнимдарлығын арттырыўға хызмет етиўи керек екенлигин және бир мәрте атап өтти.

Бирақ айырым басшылар инвестиция есабынан экспортты көбейтиўди ойлаўдың орнына ишки базар толған өним ислеп шығарыўды усыныс етип атырғаны атап өтилди.

Мәселен, Учқўрғон районында 40 миллион долларлық 2 ийирилген жип ислеп шығарыў заводын қурыў усыныс етилген. Наманганда 110 мың тонна ийирилген жип ислеп шығаратуғын 24 кәрхана бар. Бул ўәлаятта алынатуғын пахта талшығынан 1,5 есеге көп.

Оҳангарон районында 35 мың тонна базальт плиталарын ислеп шығарыў режелестирилмекте. Бирақ республикада 12 усындай кәрхана бар. Базар таба алмағаны ушын 6 ўы тоқтап қалған, 1 кәрхана сатыўға қойылған.

Сырдәрьяда 10 доллар инвестиция тек ғана 1 доллар муғдарында қосымша қун бермекте. Бухара, Сурхандәрья, Қашқадәрьядағы жойбарларда да усындай жағдай бақланған.

Жуўапкерлер, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлерге 2026-жылғы инвестициялық бағдарламаға киргизиў усыныс етилип атырған жойбарлардың базары, экспорты, жарататуғын қосымша қуны ҳәм жумыс орнын толық таллаў тапсырылды.

ӨзА