Жуўапкерлерге жергиликли кәрханалар ушын шийки зат импортына бажыларды толық қайта көрип шығыў тапсырылды

Электротехника кәрханалары өткен жылы 27 миллиард сумлық жеңилликтен пайдаланып, экспортты 83 миллион долларға, бюджетке түсимди 46 миллиард сумға арттырған. Олар өзимизде болмаған алюмин катанканы импорт бажысы бойынша жеңиллик мүддетин созыўды сораған.
Тап усындай зергерлик санааты ушын қымбат баҳалы ҳәм ярым қымбат баҳалы тасларға, металлургия санааты ушын жоқары температураға шыдамлы бояўларға, азық-аўқат кәрханалары пайдаланатуғын цитрус концентратларына да бажы белгиленген. Жуўапкерлерге жергиликли кәрханалар ушын шийки зат импортына бажыларды толық қайта көрип шығыў тапсырылды.
Гилем ислеп шығарыўшыларға кепилликли шийки зат базасы жаратылғаны себепли үш жылда тараўда экспорт 2 есеге артты. Ямаса мебельшилер ушын ағаш алып келиўге жеңиллик берилиўи есабынан бул тармақта да еки жылда өндирис 1,4 есеге көбейди.
Мебель ислеп шығарыўшылар полимер, есик-қапы ислеп шығарыўшылар алюмин шийки затын, турмыслық химия кәрханалары пигмент ҳәм ароматластырыўшы, улыўма, ислеп шығарыўшылардың өнимин қадақлаў ушын қағаз ҳәм картон резервин жаратыў мәселесин көтерген.
Сыртқы базарда шийки зат арзан ўақытта резервлеў ушын жеңиллетилген ресурс болса, транспорт қәрежетиниң бир бөлеги қапланса, бундай тармақлар да экономикалық өсиўге үлкен түртки береди.
Мәмлекетимиз басшысы киши кәрханалардың шийки затқа талабын анықлап, қайсы мәмлекеттен, қанша муғдарда ҳәм қандай баҳада алып келиўи, транспорт қәрежетин есап-санақ етип, шийки зат резервин қәлиплестириў ўазыйпасын қойды.
Президент Шавкат Мирзиёев видеоселектор мәжилисин даўам еттирмекте.
ӨзА