Елимизде ислеп шығарылатуғын автомобильлер санын 510 мыңға жеткериў зәрүр екенлиги айтылды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тармақ ҳәм аймақларда жоқары экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис даўам етпекте.
Елимизде жылына 650 мың дана автомобиль ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе 4 ири кәрхана бар.
Усы жылы 300 ден аслам жергиликли кәрханалар менен кооперация тийкарында және 763 детальды ислеп шығарыўды баслаў әҳмийетли екени атап өтилди. Ислеп шығарылатуғын автомобильлер санын 510 мыңға жеткериў зәрүр.
Халықтың жергиликли автомобильлерге талабын хошаметлеў мақсетинде автокредит ставкасын төменлетиў ҳәм көлемин арттырыў илажын көриў тапсырылды.
Дийқан ҳәм фермерлерде бағшылық тракторы, нәл егиўши, зүрәәт жыйнаўшы, картошка қазыўшы агротехникаларға талап артып бармақта.
Шыршықтағы кластер толық қуўатлылықта ислеп, агротехникаларды арзан баҳада ислеп шығарса, лизинг компаниялары менен қолайлы финанслық инструментлер ислеп берилсе, дийқан ҳәм фермерлер жылына кеминде 15 мың техниканы сатып алыўға таяр.
Улыўма, автомобиль санааты жуўапкерлерине ҳәр бир имканиятты мине усындай таллап, усы жылғы өндирис бағдарламасын 10,5 процентлик өсиўди тәмийинлеўге бейимлестирип қайта көрип шығыў тапсырылды.
ӨзА