Кейинги үш жылда санаатта қосымша қун үлеси 40,7 проценттен 43 процентке көбейди

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тармақ ҳәм аймақларда жоқары экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис басланды.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир министр, ҳәким, тармақ басшысы тараўы, системасы, кәрханаларына жаңаша басқарыў алып кирип, бар ресурслардан нәтийжели пайдаланса, дәстүрий экспорт базарлары ҳәм өнимлерине байланып қалмастан, жаңа бағдарлар таўып, исбилерменлерге жол ашып берсе, жасалма интеллект, санластырыў бойынша қәнигелерди жәмлеп, инновациялар ислесе, потенциаллы жасларды таўып, “стартап клублар” шөлкемлестирсе, олардың қолланбаларын кәрханаларда қолланса, және де жоқары экономикалық өсиўди тәмийинлеўге барлық имканиятлар бар екенлигин атап өтти.
Бирақ көп басшылар жан күйдирип, үлкен шек алыў орнына ҳеш қандай өзгерис қылмаса да өзин-өзи тәмийинлейтуғын режелер алғаны көрсетип өтилди.
Кейинги үш жылда санаатта қосымша қун үлеси 40,7 проценттен 43 процентке көбейди. Бирақ бул көрсеткиш автомобиль ислеп шығарыўда тек ғана 20,7 процент, электр үскенелеринде 29,3 процент, азық-аўқат санаатында 30,1 процент, былғары санаатында 33,4 процент, химия санаатында 40,4 процентти қурап, қосымша қун төменлигинше қалмақта.
2023-2025-жыллары мине усы 5 тармаққа жәми 12 миллиард доллар инвестиция киргизилди, 200 ден аслам жаңа қуўатлықлар иске қосылды.
Мәселен, агротехнология өзгергени ушын дийқанлар атызда суйық төгин қолланыўды абзал көрмекте. Бирақ елеге шекем химия заводлары буған бейимлесе алған жоқ. Тек ғана дәстүрий минерал төгин ислеп шығармақта.
ӨзА