Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебине пресс-тур

7

Нөкистеги 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм мектеп турмысы менен кең жәмийетшиликти жақыннан таныстырыў мақсетинде пресс-тур шөлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигинен жуўапкерлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, блогерлер қатнасты.

Мағлыўмат ушын, мектеп 2016-жылы ашылған болып, өзиниң он жыллық жумысы даўамында жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте. Мектепте 450 ден аслам оқыўшы көркем өнердиң 11 бағдары бойынша билим алмақта. Оларға 61 оқытыўшы өнер сырларын үйретип келмекте. Мектепте 160 орынлық концерт залы, китапхана ҳәм 30 оқыў ханасы бар.

Пресс-тур шеңберинде мектеп фойесинде шөлкемлестирилген оқыўшылардың жетискенликлери сәўлеленген көргизбе қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды. Буннан соң журналистлер мектеп китапханасы менен таныстырылды. Китапхана фондында 1 мың 700 музыкалық әдебият ҳәм ноталар, әдебий шығармалар, 350 электрон китап жәмленген.

Мектеп директоры басшылығында журналистлерге мектептеги бағдарлар бирме-бир таныстырылды. Солардан дәслеп ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери Қол өнери бағдары бойынша билим алып атырған оқыўшы-жаслар менен сәўбетлести.

– Өнер инсанда өзиниң қәдирин билиў сезимин қәлиплестиреди. Биз мектебимизге жақын ҳәм узақ аймақлардан келетуғын қызларымызға бисер тоқыў, тоқымашылық, шығындыға шығарып тасланған буйымлардан үй безеклерин ислеў бойынша көнликпелер беремиз. Бул оларға өзиниң турмыс қәлпин өзгертиўге жәрдем береди. Телефонда көп ўақтын өткеретуғын оқыўшы-қызлар бул жерде ўақыттың қәдирине жетиўди үйренеди, – дейди устаз Гүлнара Балтабекова. – Қол өнери бөлимимизде үш бағдар тоқымашылық, кестешилик, тигиўшилик бойынша 40 тан аслам оқыўшылар өнерге үйретилмекте. 6 жастан 11 жасқа шекемги оқыўшылар 5 жыл даўамында оқытылып, питкергеннен соң оларға гүўалық бериледи.

Буннан соң бақсышылық, театр бөлими, музыка тийкары, мүсиншилик, фортепиано ҳәм басқа да бағдарлар бойынша оқытыў процеси көзден өткерилди.

– Республикамызда еки жоқары оқыў орнында, қәнигелескен мектеп-интернатында, қәнигелестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мектеплеринде бақсы-жыраўшылық бағдарында мыңнан аслам жаслар билим алмақта. Турақлы түрде 30 дан аслам жыраўларымыз дөретиўшилик етпекте, – дейди Қарақалпақстан Республикасы мәденият министриниң баспасөз хаткери – мәлимлеме сиясаты бойынша мәсләҳәтшиси Гүлмира Палўанова. – Мәденият министрлигиниң қасында «Art Karakalpakstan» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем дүзилген болып, өткен жылы сентябрь айында Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың социаллық буйыртпасы тийкарында 1 миллиард сумлық грантын жеңип алды. Ҳәзирги ўақытта усы грант қаржылары есабынан Нөкис районында миллий саз әсбапларын ислеп шығаратуғын устахана қурылмақта.

Пресс-тур даўамында атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен елимиздиң миллий музыка ҳәм көркем өнерин дүньяға танытыў, Ўатанымыздың халықаралық майдандағы абыройын арттырыў мақсетинде кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Усы илажларға мүнәсип үлес қосыў мақсетинде мектеп жәмәәти республикалық ҳәм халықаралық таңлаўларда белсене қатнасып, жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте.

Атап айтқанда, 2024-жылдың 22-24-ноябрь күнлери Ташкент қаласында болып өткен «Open Asia – 2024» халықаралық фестивалында мектептиң «Айқулақ» аяқ ойыны ансамбли табыслы қатнасып, сыйлы биринши орынды ийеледи. Сондай-ақ, 2025-жылдың 7-июнинде болып өткен «Золотой кубок Шаҳерезады» халықаралық таңлаўының гран присине де усы мектеп жәмәәти мүнәсип көрилди. 2025-жылдың «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде өткерилген «Жаслар ҳаўазы» таңлаўының республикалық басқышында мектептиң «Эстрада» бөлими 1-орынды жеңип алыўға миясар болды. 2026-жылдың 8-10-январь күнлери Ташкент қаласында өткерилген “New Start Tashkent” халықаралық фестивалы мектеп ушын жаңа жетискенликлер жылының мүнәсип басланыўы болды. Бақсышылық бағдары бойынша Гүлайым Бахытбаева ҳәм Улзада Сәрсенбаева 1-орынды, Дурдана Узақбаева ҳәм Нилуфар Мамутова 2-орынды ийелеп, билимлендириў дәргайының абырайын және де арттырды.

Соның менен бирге, ашық бюджетте утып алынған 1 миллиард 160 миллион сум қаржылары есабынан мектептиң материаллық-техникалық базасы беккемленди.

Пресс-тур мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги