Мультфильмлер балаларды жақсылыққа жетеклеўи керек

17

Балалар ушын мүнәсип контент жаратыўда анимациялық фильмлер айрықша орын ийелейди. Өйткени, мультфильм тамаша етиўди жақтырмайтуғын баланың өзи табылмаса керек.

Өзбекстан анимация студиялары ассоциациясының дөретиўшилик топарлары тәрепинен исленген “Авто саргузаштлар”, “Хасис баққол”, “Буюк ипак йўли бўйлаб саёҳат”, “Тўмарис”,  “Широқ  афсонаси”, “Темурнинг болалиги”, “Ақлли қизалоқ”, “Эко қаҳрамонлар”, “Қўзичоқ ва Тойчоқ”, “Спитамен ва Искандар”, “Чумчуқвойнинг саргузаштлари” сыяқлы анимациялық фильмлер елимиз кинематография тараўында балалар ушын да көплеген экран шығармалары таярланып, кишкенелерге усынылып атырғанын көрсетеди.

Өзбекстан анимация студиялары ассоциациясының баслығы Абдулатиф Ҳайдаров пенен бүгинги күнде елимизде мультфильмлер ислеп шығарыў бағдарындағы процесслер ҳаққында сәўбетлестик.

– 2025-жылы “Уллы бабаларымның балалығы” дүркиминен бир қатар анимациялық фильмлер жаратылды. Оларды жаратыўда нелерге сүйенип жумыс алып барылды?

– Ҳақыйқатында да, ана-ўатанымызда өсип, дөретиўшилик еткен ойшыл бабаларымыздың өмири, жумысы ҳаққында гүрриң етиўши анимациялық фильмлер дүркини “Уллы бабаларымның балалығы” рубрикасы астында жаратылып, өткен жылдың декабрь айында кишкене тамашагөйлерге усынылды. Бул анимациялық фильмлер тийкарынан Өзбекстан анимация студиялары ассоциациясы дөретиўшилик топарлары тәрепинен таярланды. Негизинде мақсетимиз балалар ушын мөлшерленген көринисте ойшылларымызды жас тамашагөйлерге жақынластырыў еди. Оны тамашалап, ул-қызлар “Уллы бабаларымыз да мен сыяқлы әпиўайы бала болған екен”, деп аз-аздан түсинип баслайды. Мениңше, бунда ата-аналар да баланың мультфильм мазмунын кишкентайларға жеткериўге жәрдемлесиўи керек. Айтпақшы болғаным, баланы қоллап-қуўатлаў, оған айрықша итибар қаратыў арқалы ол жетик шахс болып жетилиседи, келешекте ел-халыққа пайдасы тийетуғын инсан болып камалға келеди. Әлийшер Наўайы, Бабур ҳәм басқа да уллы тулғалар ҳаққындағы анимациялық фильмлерди жаратыў процесинде ойшылларымыздың өмири, жумысына байланыслы көплеген тарийхый шығармаларды оқып, үйренип, кейин жумысқа кирисилди.

– Сыр емес, балалар бүгин гә телевизорда, гә смартфонларда, планшетлерде саатлап мультфильмлерди тамашалайды. Балалардың анимациялық фильмлерди тамаша етиўинде белгили бир гигиеналық, әдеп-икрамлылық нормалары бар ма? Елимизде анимациялық фильмлерди ислеп шығыў процесинде бул талапларға әмел етилип атыр ма?


– Негизинде ҳәр қандай мультфильмди узақ ўақыт даўамында тамаша етиў бала ушын зыян. Себеби, егер балада сол анимациялық фильмге оғада күшли қызығыўшылық болса, ҳәттеки көзин жумыўды да умытып, экранға тигилип тура береди. Ҳәзирги күндеги ең көп тарқалған кеселликлерден бири – аутизм балалардың бир нәрсеге қатты кирип кетиўи ҳәм сол арқалы тек өзи менен өзи болып қалыўынан келип шықпақта. Узақ ўақыт экранға тигилип қараў, әлбетте көз аўырыўын келтирип шығарады. Ең тийкарғысы, баланың итибарын максимал дәрежеде өзине тартады. Улыўма, мультфильмлерди ата-аналар усыныс етиўи керек.

Мысал ушын, мәнис-мазмунға ийе болмаған ямаса балаларға әдеп-икрамлылық-тәрбиялық жақтан улыўма пайдасын бермейтуғын, тек ўақыт өткеретуғын мультфильмлер де жүдә көп. Оларда сулыў сүўретлер ямаса қандай да бир музыкалар, қандай да бир ҳәрекет ямаса сүўрет айлана береди-дә, бирақ бала оннан улыўма ҳеш қандай өзи ушын пайдалы нәрселер алмайды. Бундай мультфильмлердиң мақсети узақ ўақыт тамаша арқалы баланы экран алдында услап турыў. Бирақ тийкарында бала мультфильмнен қандай да бир унамлы тәреплерди, жақсылықларды өзлестириўи, алыўы, үйрениўи керек. Мәселен, билим үйрететуғын анимациялық фильмлер ямаса баланың руўхый дүньясын байытатуғын мультфильмлер бар.

Анимацияның тийкарғы жетискенлиги де – ҳәрекетте. Бирақ мультфильмде сөзлер де болыўы керек. Себеби, сөзсиз мультфильмлер баланың сөйлеўине тосқынлық етиўи мүмкин. Ҳәр қалай, ҳақыйқатлық сөз ҳәм ҳәрекет үнлеслигинде балаға жеткерилсе, әйне мақсетке муўапық болады. Бәринен бурын, бир ийгиликли идеяны балаға сиңдириў ушын мультфильмди балаларға жағымлы, ашық реңлердеги сүўретлер арқалы ҳәм әлбетте нормасын алған ҳалда жаратыў керек, деп ойлайман. Идеяны да қызықлы ҳәрекетлер менен көрсетиў зәрүр. Бунда балалар психологлары менен мәсләҳәтлескен ҳалда ислеў күтилген унамлы нәтийжени береди. Соның менен бирге ҳәрекетлер тезлигиниң де өз нормалары болады. Усыларға әмел етиўди умытпаў әҳмийетли. Қанша секундта кадр алмасыўын да есапқа алыў зәрүр, деп ойлайман. Себеби, ҳәрекетлер, кадрлар алмасыўында нормаға әмел етпеў баланың мийине күшли тәсир етиўи мүмкин. Әлбетте, ассоциацияның дөретиўшилик топарларында анимациялық фильмлер жаратыўда усы тәреплерди есапқа алған ҳалда жумыс алып барылады.

– Келешектеги режелер ҳаққында да айтып берсеңиз.

– Егер “Уллы бабаларымның балалығы” дүркининдеги мультфильмлер Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўириниң ойшыллары ҳаққында жаратылған болса, енди “Уллы бабаларымның балалығы” дүркининде сәркардалар ҳәм жадидлер ҳаққында анимациялық фильмлер ислеў усынысын алға қойып атырмыз. Яғный, сәркардалар ҳәм жадидлердиң балалығы ҳаққында толық метражлы анимациялық фильм жаратыўды нийет еткенбиз. Сондай-ақ, Әлийшер Наўайы шығармаларына байланыслы да анимациялық фильмлер сүўретке алыў нийетиндемиз. Себеби Наўайы шығармалары, онда сүўретленген ўақиялар жүдә қызықлы сәўлелендирилген. Оларға артықша сюжет ямаса сөзлер қосыўдың зәрүрлиги де жоқ. Себеби, Наўайы шығармаларының композициясы, сөзлери жүдә гөззал ҳәм бийтәкирар, көркемлиги оғада жоқары.

Буннан тысқары ҳәзирде Кинематография агентлиги тәрепинен таңлаў жәрияланған. Яғный, балалар арасында түрли иллетлердиң алдын алыўға қаратылған анимациялық фильмлер жаратыў бойынша таңлаўға дөретиўшилик жойбарлар усынылды. Қалаберди, миллий байрамларымыз, олардың келип шығыў тарийхына байланыслы анимациялық фильмлер таярлаўды режелестиргенбиз. Сондай-ақ, майыплығы болған балалардың жәмийетке интеграцияласыўына байланыслы фильмлер де ислеў режемиз бар. Айтпақшы болғаным, анимациялық фильмлер балаларды жақсылыққа жетеклеўи, оларда унамлы пазыйлетлерди қәлиплестириўге хызмет етиўи керек.

ӨзАныӊ хабаршысы

Назокат Усмонова жазып алды