Қубла Корея-Орайлық Азия биринши саммити өткериледи

11

Қубла Корея сентябрь айында Орайлық Азияның бес мәмлекети – Қазақстан, Өзбекстан, Түркменстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан қатнасыўында өзиниң биринши саммитин өткереди.

Yonhap  агентлигиниң хабар бериўинше, Қубла Корея Сыртқы ислер министрлиги бул ҳаққында жәриялады.

Саммит 16-17-сентябрь күнлери болып өтеди.

Қубла Корея сыртқы ислер министри Чо Хюн таярлық мәжилисинде саммит мәмлекеттиң региондағы дипломатиялық абырайын кеңейтиў ҳәм бурынғы Мун Чже Ин ҳүкимети тәрепинен басланған “Жаңа Арқа сиясаты” басламасын беккемлеў ушын әҳмийетли имканият болатуғынын атап өтти.

“Бул стратегия Евразияда тынышлық ҳәм улыўма абаданлық концепциясы шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлери менен бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған,” деп атап өтти ол.

Министрдиң сөзлерине бола, саммит тек ғана өз-ара бирге ислесиўди беккемлеп қоймастан, ал тәмийнат шынжырын диверсификациялаў ҳәм региондағы этникалық корейс жәмәәтлери менен байланыслар сыяқлы тараўларда биргеликтеги жумыслар ушын да тийкар жаратады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги