NASA Халықаралық космослық станцияға гезектеги пәрўазды тастыйықлады

13

NASA Халықаралық космослық станцияға гезектеги экипажды жибериў режесин жәриялады, деп жазады “Trend”  мәлимлеме агентлиги. Пәрўаз 13-февраль күни әмелге асырылыўы күтилмекте.

Мағлыўматқа бола, “SpaceX”пенен биргеликте өткерилген ушыўға таярлық сынағы табыслы жуўмақланды.

Қәнигелер ҳаўа шараятының қолайлық дәрежеси 85 процент екенлигин билдирген. Тек ғана қалың булт тийкарғы қәўип сыпатында атап өтилген. Буннан алдын пәрўаз еки мәрте кейинге қалдырылған.

Мәлим етилиўинше, жаңа экипаж ағзалары Халықаралық космослық станцияда шама менен сегиз ай жумыс алып барыўы режелестирилген. Ҳәзир космонавтлар Кеннеди космос орайында карантин шараятында қатаң таярлық бағдарламасы тийкарында шынығыў өтемекте.

Экспертлер бул ретки пәрўазды халықаралық космослық бағдарламаның инсан қатнасыўындағы және бир әҳмийетли басқышы сыпатында баҳалаған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги