Мыс кабель урылары қолға алынды

10

Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы хызметкерлери Нөкис қаласы “Исбилерменлер” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы ашық майданда нызамсыз түрде мыс кабеллерин урлап келип, өртеп атырған шахсларды қолға алды.

Рейд ўақтында Мойнақ районында жасаўшы 30 жасар Н.К. ҳәм 24 жасар М.К. “Мойнақ аэродромы”на тийисли шама менен 600 метр мыс кабельди қадаған етилген жерден алғаны мәлим болды.

Жағдай бойынша оларға белгиленген тәртипте тийисли шара көриў ушын Мойнақ районы ишки ислер бөлимине тапсырылды. Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша районлық ИИБ жанындағы тергеў топары тәрепинен тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта. Олардың жеткерген зыян муғдары 108 миллион сумға баҳаланбақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги