Әдилликти тәмийинлеўде кәсиплик потенциалды арттырыў әҳмийетли фактор

12

Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Суды тәрепинен тастыйықланған реже-график тийкарында судьялар ҳәм прокуратура хызметкерлериниң билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў, кәсиплик көнликпелерин беккемлеўге қаратылған оқыў-семинарлары турақлы түрде шөлкемлестирилмекте.

Бундай илажларды өткериўден тийкарғы мақсет – тергеўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўдан, тергеў ҳәм суд процесслеринде нызам нормаларын дурыс ҳәм бирдей қолланыўды тәмийинлеўден, сол арқалы пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўдан ибарат. Сондай-ақ, әмелдеги нызамшылыққа киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалардың әҳмийетин ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлерине ҳәр тәреплеме жеткериў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасында өткерилген нәўбеттеги семинар жынаят ислери бойынша судларда ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларға байланыслы ислер бойынша қәлиплескен суд әмелияты ҳәм ислерди көрип шығыўда итибар қаратылыўы зәрүр болған әҳмийетли тәреплерге бағышланды.

Илажда суд әмелиятындағы әҳмийетли мәселелер – нызам нормаларын басқышпа-басқыш ҳәм бирдей қолланыў, дәлиллерди қалыс баҳалаў, ҳуқықбузарлық қурамын дурыс квалификациялаў сыяқлылар ҳәр тәреплеме додаланды. Сол арқалы жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың ҳуқықларын исенимли қорғаўда судлардың жуўапкершилиги ҳәм орны және бир мәрте атап өтилди.

Семинарға Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы ҳәм Мойнақ районы судының тергеў судьялары Д.Сражатдинов пенен Б.Досымбетовлар қатнасып, әмелиятта ушырасып атырған айырым машқалалы жағдайлар бойынша өз-ара пикирлести. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексинде нәзерде тутылған 592-статья (шаңарақлық, яғный турмыслық зорлық), 60-статья (тәбийғый ресурсларға ийелик етиў ҳуқықын бузыў), 61-статья (аз муғдарда талан-тараж етиў), 131-статья (транспорт қуралларын мәс ҳалда басқарыў) ларына байланыслы ислер бойынша қәлиплескен суд әмелияты талланды. Анық мысаллар тийкарында ҳуқықый жантасыўлар көрип шығылып, бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириў мәселелери додаланды.

Илаж жуўмағында бундай оқыў-семинарлар нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм әдил судлаўдың сапасын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги