Техникалық тәртипке салыў тараўындағы реформаларды жеделлестириў мәселелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев техникалық тәртипке салыў тараўын халықаралық талаплар тийкарында түп-тийкарынан жаңалаў бойынша презентация менен танысты.
Атап өтилгениндей, кейинги төрт жылда миллий стандартлардың ярымы халықаралық талапларға толық сәйкеслендирилди. Мәмлекетимиздиң аккредитация системасы 185 мәмлекет арасында 29-орынды ийеледи. Миллий лабораториялардың нәтийжелери Германия, Корея ҳәм Япония сыяқлы 37 мәмлекет тәрепинен тән алына баслады.
Соның менен бирге, қәўип дәрежеси жоқары болған 156 товар позициясын мәжбүрий мәмлекетлик дизимнен өткериў бийкар етилди. Мәжбүрий сертификатлаўдан өтетуғын товарлар позициясы 27 процентке қысқарды.
Соның нәтийжесинде тараўда әдалатлы бәсеки орталығының қәлиплескени, артықша әўерегершилик азайғанын исбилерменлердиң өзи де тән алмақта.
Соның менен бирге, тараўда еле шешимин күтип атырған мәселелер көп екенлиги атап өтилди. Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесинде биринши гезекте техникалық тәртипке салыў системасы толық халықаралық талапларға сай болыўы шәрт екенлиги атап өтилди.

Бәринен бурын, өнимди баҳалаўда кәрхана жумысын тексериў әмелияты исбилерменлердиң наразылығына себеп болып атырғаны көрсетип өтилди. Әмелдеги тәртипке бола, талапқа жуўап бермейтуғын өним анықланғанда, оның айланысы емес, оны ислеп шығарған исбилерменниң жумысы шекленбекте.
Раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесинде риск-анализге тийкарланған базар қадағалаў системасы әмел етеди. Бунда ислеп шығарыўшы өнимниң муўапықлығын декларациялаў арқалы барлық жуўапкершиликти өз мойнына алады, сапа ҳәм қәўипсизликти кепиллейди.
Усы мүнәсибет пенен елимизде мәмлекетлик қадағалаўдан басқышпа-басқыш ўаз кешип, базар қадағалаўы принциплерине өтиледи. Буның ушын “Базарды қадағалаў ҳаққында”ғы өз алдына нызам жойбары ислеп шығылды.
Ескирген стандартлар ҳәм нәтийжесиз техникалық регламентлерден ўаз кешиў ҳәм толық халықаралық стандартларға өтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта 33 мыңнан аслам стандартлар болып, олардың 50 проценти гөнерген ямаса халықаралық талапларға жуўап бермейди.
Сол себепли, 6 техникалық регламент бийкар етиледи, 29 ы қайта көрип шығылады. Быйылғы жылы 4 мың 460, келеси жылы 2,5 мыңнан аслам, 2028-жылы болса 817 халықаралық стандартты қабыл етиў мақсет етилген.

2026-жыл 1-июльден тоқымашылық, былғары, мебель, электротехника, автомобиль қурылысы, мәлимлеме технологиялары, 2027-жылдан баслап нефть-газ, металлургия, транспорт, қурылыс өнимлери, медициналық буйымлар, 2028-жылдан болса энергетика, химия, экология ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында өндирис ҳәм хызмет көрсетиўди толық халықаралық стандартлар тийкарында шөлкемлестириў режелери мәлим етилди.
Сертификациялаў процесин және де әпиўайыластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ҳәзирги қурамалы система өзине түсер баҳаның тийкарсыз артыўына, бюрократия ҳәм коррупцияға шараят жаратып атырғаны көрсетип өтилди. Қәўип-қәтерди таллаў тийкарында баҳалаў системасы енгизилип, қалған товар позициялары бойынша да мәжбүрий сертификатлаўды бийкарлаў ҳәм басқышпа-басқыш декларациялаўға өткериў усыныс етилди.
Улыўма, “Өнимниң улыўма қәўипсизлиги ҳаққында”ғы нызам жойбарын қабыл етиў мақсетке муўапық екени атап өтилди.
Тараўда институционаллық өзгерислер әмелге асырылады. Техникалық тәртипке салыў агентлиги қурамындағы шөлкемлер – “Өзтест” орайын сапластырыў ҳәм Аккредитация орайын Министрлер Кабинетиниң бойсыныўына өткериў арқалы 5 еўден 3 ке қысқартылатуғыны белгиленди.

Сынаў ҳәм сертификатлаў хызметлерин толық жеке меншик секторға бериў усыныс етилди. Ҳәзирги ўақытта жеке меншик секторда барлық тараўларды қамтып алған 207 сынаў лабораториясы ҳәм 73 сертификатлаў уйымы жумыс алып бармақта. Саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў мақсетинде Англияның “Intertek”, Швейцарияның “SGS”, Францияның “Bureau Veritas”, Германияның “TÜV” сыяқлы жетекши халықаралық компаниялары тартылады.
Презентацияда “СUz” миллий муўапықлық белгисин енгизиў, аккредитация уйымының еркинлигин тәмийинлеў, сынаў лабораторияларының жумысын санластырыў, метрология системасын реформалаў ҳәм эталон базасын кеңейтиў мәселелери де көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы билдирилген усыныс ҳәм басламалар бойынша исбилерменлердиң пикир-усынысларын тыңлады және жаңа системаны енгизиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.
ӨзА