Креатив экономиканы раўажландырыў ҳәм жаңа мәденият орынларыныӊ жойбарлары таныстырылды

Президент Шавкат Мирзиёев креатив экономиканы раўажландырыў, мәденият мәкемелериниң инфраструктурасын жақсылаў ҳәм жаңа креатив майданларды шөлкемлестириў бойынша презентация менен танысты.
Бүгинги күнде креатив экономика көплеген мәмлекетлерде экономикалық өсиўдиң тийкарғы драйверлеринен бирине айланбақта. Дүнья жалпы ишки өниминиң 3-7 проценти усы тараўдың үлесине туўра келеди. Мәмлекетимизде 2024-жылы креатив экономиканың ЖИӨдеги үлеси 3,7 процентти ямаса 56,8 триллион сумды қураған, экспорт көлеми болса 770,6 миллион долларға жеткен, тараўда 319 мыңнан аслам халық бәнт.
Халықтың 60 проценттен асламы жаслар екени, санлы инфраструктураның жедел раўажланып атырғаны ҳәм мәдений мийрасымыздың байлығы бул тараўда “үлкен секириў” ислеў ушын беккем тийкар жаратып атырғаны атап өтилди.
Усы мақсетте 2024-жылы креатив экономика ҳаққында айрықша нызам қабыл етилип, тараўдың ҳуқықый тийкары жаратылған еди. Креатив индустрия парки шөлкемлестирилип, оның резидентлери ушын арнаўлы салық режими енгизилди. Соның ишинде, дәрамат салығы ҳәм социаллық салық ставкасы 12 проценттен 6 процентке түсирилди. Тараўдағы исбилерменлерге бир қатар басқа да жеңилликлер берилди.
Мине, усы илажлар есабынан 2030-жылға шекем креатив экономиканың ЖИӨдеги үлесин 5 процентке ямаса 145 триллион сумға жеткериў, экспортты 1 миллиард долларға алып шығыў, тараўда бәнт халықты 500 мыңнан арттырыў мақсет етилген.

Презентацияда Ташкент қаласында жайласатуғын Креатив индустрия паркиниң концепциясы көрип шығылды. Онда жасыл бағ, арт-объектлер, халықаралық программаластырыў тармағының Ташкент мектеби, китап кафеси, спорт майданшалары, дөретиўшилик павильонлар, коворкинг орайы ҳәм офислер, кино ҳәм видео ислеп шығарыў майданлары, даўыс жазыў студиясы, креатив индустрия кампусы және жаслар ҳәм дөретиўшилер ушын мийманхана қурылады. Жойбар мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылады.
Сондай-ақ, Жаңа Ташкент аймағы ҳәм Нөкис қаласында креатив парклер шөлкемлестирилиўи режелестирилген.
Жаңа Ташкентте креатив парк резидентлери ушын ижара майданлары, студиялар, медиа ҳәм әнжуман заллары, коммерциялық ҳәм хызмет көрсетиў объектлери жайластырылса, Нөкис қаласының Истиқлол бағындағы павильон реконструкцияланып, көп функциялы жәмийетлик-мәденият орайына айландырылады.
Нөкистеги креатив парк жойбарының итибарлы тәрепи сонда, онда Өзбекстанның “ЭКСПО-2025″теги миллий павильоны жайластырылады ҳәм жанында заманагөй китапхана қурылады.
Елимиздеги мәденият орайларының жумысы сын көзқарастан талланды.
Республикадағы 800 ден аслам мәденият орайының ярымынан көби оңлаўға мүтәж жағдайда екени атап өтилди. Көпшилик мәденият орайлары елеге шекем ескише ислеп атырғаны, тийкарынан байрам илажларын өткериў менен шекленип қалғаны көрсетип өтилди.

Сонлықтан, мәденият орайларын заманагөй үлги тийкарында раўажландырыў бойынша пилот жойбар ислеп шығылған. Жойбар Ташкент, Қоқанд, Бухара ҳәм Самарқандтағы 4 орайды қамтып алған болып, бириншиси Ташкент қаласындағы “Гүлшан” мәденият орайы негизинде шөлкемлестирилмекте. Онда “мәденият – билимлендириў – дем алыў – қарым-қатнас” шынжыры тийкарында ҳәр қыйлы бағдарлардағы клублар, устаханалар, студиялар ҳәм дөгереклер шөлкемлестириледи.
Презентацияда Уллы Британия Патшалық қоры мектебиниң тәжирийбеси тийкарында Ташкент қаласында Дәстүрий көркем өнер жоқары мектебин шөлкемлестириў режелери де көрип шығылды.
Бул жоқары мектеп гүлалшылық ҳәм гербиш өриў, декоратив безеў, ағаш оймакерлиги, архитектуралық каллиграфия, геометриялық ҳәм биоморф нағыс бағдарларында бакалавриат ҳәм магистратура бағдарламаларын әмелге асырады. Билимлендириў инглис тилинде алып барылады, еки жыллық бағдарлама тийкарында қәнигелер таярланады. 2027-жылы 50 қәниге таярлаў, 2031-жылға келип, жылына 80 кадр қуўатлылығына шығыў режелестирилген.
Сондай-ақ, презентацияда Миллий реставрация институтын шөлкемлестириў, Самарқанд қаласындағы Бибиханым мешитин реставрациялаў, “Түркстан” жазғы амфитеатрын оңлаў жойбарлары көрип шығылды. Жойбарластырыў ҳәм реставрациялаў жумысларын ЮНЕСКО менен толық келисилген ҳалда әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы креатив экономиканы раўажландырыў тек ғана мәдений емес, ал экономикалық жақтан стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтип, белгиленген жойбарлардың орынланыўын сапалы тәмийинлеўге көрсетпе берди.
ӨзА