Илимли ҳәм креатив пикирлеўши қызлар – Жаңа Өзбекстан таянышы

“Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген тийкарғы бағдарлар ҳәм 2026-жыл – “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы” Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеўде жаслардың интеллектуаллық потенциалы, әсиресе, ҳаял-қызлардың илим ҳәм инновация тараўындағы белсендилиги үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Усы мақсетте ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен “Креатив исбилермен жаслар” жойбары турақлы түрде әмелге асырылмақта.
Жойбар шеңберинде «11-февраль – Илимпаз қызлар күни» мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди. Бул илаж ҳаял-қызлардың илим тараўындағы белсендилигин арттырыў, жас қызларды илимий излениўлерге кеңнен тартыў, сондай-ақ, илимпаз ҳәм изертлеўши ҳаял-қызлардың жетискенликлерин үгит-нәсиятлаўға қаратылды.
Илажда Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенеси депутаты, сиясий илимлер докторы, профессор Алмагүл Байриева, сондай-ақ, химия илимлери докторы, доцент Оксана Сейтназаровалар қатнасып, баянатлар менен шығып сөйледи. Ушырасыў даўамында мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жас илимпаз қызлар ушын жаратылып атырған кең имканиятлар, илим, билимлендириў ҳәм инновация тараўында әмелге асырылып атырған системалы реформаларға айрықша тоқтап өтилди. Соның менен бирге, мәмлекетлик сиясатта ҳаял-қызлардың интеллектуаллық қәбилетин раўажландырыў тийкарғы ўазыйпалардан бири екени атап өтилди.
Әсиресе, илимди исбилерменлик пенен үйлестириў, жаслардың креатив идеяларын әмелиятқа енгизиў, стартап ҳәм инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған партия басламалары бүгинги күнде айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Бул болса жасларды теориялық билим менен шекленип қалмастан, оны экономикалық ҳәм социаллық нәтийжеге айландырыўға шақырмақта.
Илаж соңында илим ҳәм изертлеў тараўында белсендилик көрсетип атырған илимпаз ҳәм изертлеўши қызлар тән алынды, олардың илимий жетискенликлери кең жәмийетшиликке таныстырылды. Бундай тән алыў жас қызлардың илимге болған қызығыўшылығын және де арттырыў, оларды жаңа идея ҳәм басламалар менен шығыўға руўхландырыўға хызмет етеди.




Бул руўхый-ағартыўшылық илаж Жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы орны барған сайын беккемленип атырғанын, партияның жаслар ҳәм илимпаз қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы избе-из сиясатын және бир мәрте көрсетти. Илимий, креатив ҳәм интакер жаслар болса мәмлекет раўажланыўының ең исенимли таянышы есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги