Қарар ҳәм оның орынланыўы

3

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов тәрепинен Әмиўдәрья районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 5-январьдағы “Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў бағдарында бир пүтин мәнзилли жумыс ислеў системасын енгизиўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында”ғы 1-санлы Қарарының орынланыўы бойынша исленген жумыслар үйренилди.

Атап айтқанда, криминоген жағдайы аўыр болған “Бай аўыл” мәҳәллесинде болып, мәҳәлле жетилиги, белсендилериниң қатнасыўында аймақта жүз берген жынаятлардың себеп ҳәм факторларын анықлап сапластырыўға қаратылған жумыслар, Қарардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында ислеп шығылған “Жол картасы” бәнтлериниң орынланыўында жол қойылған қәте-кемшиликлер сын көзқарастан көрип шығылып, жынаятлардың ерте алдын алыў, профилактикалық илажларды нәтийжели шөлкемлестириў, жуўапкерлер ҳәм мәҳәлле жетилиги биргеликтеги жумысын дурыс жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.

Буннан соң, түнги хызмет алдынан инструкция өткерилип, мобилизацияланған хызметкерлерге криминоген жағдайы аўыр мәҳәллелерге күш-қуралларды мобилизациялаў бойынша көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги