Бәнтлик ҳәм инновация жолында: Тақыятас жаслары Хорезм тәжирийбеси менен танысты

Тақыятас районы ҳәкимлиги басшыларына бириктирилген жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың дүньяға көзқарасын кеңейтиў ҳәм заманагөй кәсип-өнер ҳәм өндирис процесслери менен жақыннан таныстырыў мақсетинде қоңсылас Хорезм ўәлаятына оқыў-әмелий экскурсия шөлкемлестирилди.
Бағдарлама шеңберинде жаслар заманагөй Дата орайы, тигиўшилик цехы, “Imzo” фабрикасының Хорезм филиалында ҳәм аймақтағы санаат зоналарында алып барылып атырған ислеп шығарыў процесслери менен жақыннан танысты. Қәнигелер тәрепинен санлы технологиялар, санаат инфраструктурасы, жаңа жумыс орынларын жаратыў механизмлери, жумысты баслаў ҳәм нәтийжели басқарыў системалары бойынша толық мағлыўматлар берилди.

Бул оқыў-әмелий экскурсия жумыссыз жаслардың кәсиплик бағдарын анықлаў, оларды заманагөй кәсип-өнерлерге бағдарлаў ҳәм келешекте бәнтлигин тәмийинлеўге хызмет ететуғын әҳмийетли тәжирийбе мектеби болары сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги