Илимпазлар жақынласып киятырған апатшылық ҳаққында жар салды

13

Глобаллық ысыў планетамыздың ықлымын артқа қайтпайтуғын дәрежеде өзгертиўи мүмкин, деп жазбақта “Guardian басылымы.

Хабарға бола, температураның әсте-ақырын көтерилип барыўы әллеқашан дүнья бойлап адамлардың турмысына тәсир етпекте.

АҚШтағы Жер экосистемаларын үйрениў ассоциациясының профессоры Кристофер Вольфтиң пикиринше, критикалық өзгерислер анық қашан жүз беретуғынын алдыннан айтыў жүдә қыйын. Оның атап өтиўинше, климат өзгериўи қәнигелер болжағанынан да әдеўир тез раўажланбақта.

Февраль айының басында астрономлар Қуяшта үлкен жарылыў ҳаққында ескертип, буны жүдә үлкен энергия резервлерине ийе жаңадан шөлкемлестирилген белсендилик орайы менен байланыстырған. Соның ушын жулдыз өз энергиясын жоғалтыў ушын жаралыўлар пайда етпекте.

С.Раҳимов, ӨзА