Тараўда пидайы хызмет еткенлерге ҳүрмет көрсетилди

Мәжбүрий орынлаў бюросының басшылары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен системада көп жыллар даўамында ҳадал ҳәм пидайы хызмет еткен бир топар тараў пидайыларын пенсияға шығарыўға бағышланған салтанатлы мәресим шөлкемлестирилди.
Илажда жәмленген жеке қурам менен бир қатарда, қалалық ҳәм районлық бөлимлердиң хызметкерлери де видеоконференцбайланыс арқалы аралықтан турып қатнасты.
Мәресимде нызам үстинлигин беккемлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў жолында шексиз үлес қосқан ветеран хызметкерлер М.Давлеткличев, А.Серназаров, Ж.Калмуратов, Р.Хабибуллаеваларға жоқары ҳүрмет көрсетилди.
Бюро басшылары тәрепинен пенсияға шығып атырған хызметкерлердиң кәсиплик шеберлиги ҳәм бай турмыслық тәжирийбеси жас хызметкерлер ушын ҳақыйқый үлги мектеби екени айрықша атап өтилди. Әсиресе, олардың система раўажланыўы жолындағы көп жыллық нәтийжели хызметлери тараў тарийхында әҳмийетли из қалдыратуғыны атап өтилди.
Басқарма баслығы И.Арзиев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ветеранларға терең миннетдаршылық билдирип, жәмәәттиң қызғын меҳир ҳәм ҳүрметин билдирди. Илаж даўамында пенсия жасына жеткен хызметкерлерге беккем денсаўлық, шаңарақлық тынышлық ҳәм абаданлық тиледи.




Әлбетте, бундай илажлар Бюро уйымларында хызмет еткен хызметкерлерди ҳүрметлеў, кәсиптиң абырайын арттырыў ҳәм “устаз-шәкирт” дәстүрлериниң даўамлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги