Өзбек илимпазлары ыдырайтуғын биоплёнка ислеп шығарды

Бүгинги күнде пластикалық шығындылар қоршаған орталық ушын ең аўыр машқалалардан бирине айланған. Илимпазлардың пикиринше, ол жыллар даўамында топырақ ҳәм суў бассейнлеринде сақланып, тәбиятқа да, инсан саламатлығына да унамсыз тәсир көрсетеди. Усы шараятта экологиялық қәўипсиз, тәбиятта өз-өзинен ыдырайтуғын материалларға болған талап барған сайын артып бармақта. Мине усындай әҳмийетли мәселеге жергиликли илимпазлар тәрепинен әҳмийетли илимий шешим усыныс етилмекте.
ӨзР ИА Өсимлик затлары химиясы институтының Жоқары молекулалы өсимлик затлары химиясы лабораториясының илимпазлары жергиликли өсимликлердиң суўда ерийтуғын полисахаридлери тийкарында экологиялық таза, толық биологиялық ыдыраўшы плёнка алыўдың жаңа, оптимал рецептурасын ислеп шықты.
Жаратылған биоплёнкалар сыртқы көриниси ҳәм механикалық өзгешеликлери жағынан кеңнен қолланылып атырған синтетикалық полиэтилен плёнкаларға уқсайды. Бирақ олардың ең әҳмийетли айырмашылығы – тәбият ушын пүткиллей қәўипсиз. Бул плёнкалар топырақ ҳәм суў орталығында аңсат ыдырап кетеди ҳәм қоршаған орталыққа зыян жеткермейди.
Илимий қолланбаның және бир әҳмийетли тәрепи, оның жергиликли өсимлик шийки заты тийкарында жаратылғаны болып табылады. Бул болса өнимниң экологиялық тазалығын тәмийинлеў менен бирге, жергиликли ресурслардан нәтийжели пайдаланыў имканиятын да жаратады.
Бул биопленкалар әсиресе, азық-аўқат ҳәм фармацевтика санааты ушын перспективалы болып есапланады. Бул тараўларда қолланылатуғын орам материалларының қәўипсиз болыўы жүдә әҳмийетли. Биологиялық ыдырайтуғын плёнкалар болса усы талапларға жуўап берип, пластикалық шығындылардың көлемин азайтыўға хызмет етиўи мүмкин.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, бул қолланба пластикалық шығындылар менен байланыслы экологиялық машқалаларды азайтыўға қаратылған әҳмийетли илимий-әмелий шешим есапланады. Қоршаған орталық ҳәм инсан саламатлығы ушын қәўипсизлиги болса бул қолланбаның әҳмийетин және де арттырады.
Өзбек илимпазлары тәрепинен ислеп шығылған биологиялық ыдырайтуғын плёнка усы тәризде экологиялық машқалаларды шешиўге үлес қосады. Жергиликли өсимлик шийки затына тийкарланған, тәбиятта аңсат ыдырайтуғын бул материал пластикалық шығындыларға альтернатив сыпатында үлкен имканиятларға ийе болып, “жасыл” экономиканы раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
М.Эшмирзаева, ӨзА