Техникум муғаллимлери 200 процентке шекем үстеме алыўы мүмкин

7

Техникум муғаллимлери ҳәм хызметкерлерине 200 процентке шекем үстеме төленеди. Ҳүкиметтиң 2026-жыл 11-февральдағы МКҚ-51-санлы қарары менен халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумлар хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң жаңа тәртиби тастыйықланды.

Қарарға муўапық төмендеги жаңалықлар енгизилди.

100 процентлик үстеме:

Халықаралық билимлендириў бағдарламаларына тартылған директорлар, бас бухгалтерлер, муғаллимлер ҳәм өндирислик билимлендириў шеберлерине ҳәр айлық мәжбүрий 100 процентлик үстеме белгиленди.

Хошаметлеў қоры:

Техникумларда мийнетке ҳақы төлеў қорының 50 проценти муғдарында арнаўлы хошаметлеў қоры шөлкемлестириледи.

Нәтийжеге қарай сыйлық:

Жоқары рейтинг көрсеткишлерине ийе болған педагог хызметкерлерге базалық ставкаға салыстырғанда 200 процентке шекем қосымша хошаметлеў төленеди.

Техникумларда халықаралық билимлендириў бағдарламаларын оқытыўға тартылған муғаллимлер ҳәм өндирислик билимлендириў шеберлерине хошаметлеў муғдарын белгилеў бойынша техникумда турақлы жумыс алып баратуғын жумысшы топар дүзиледи.

Жумысшы топарлардың қарары ашық даўыс бериў арқалы жумысшы топарлар мәжилислеринде қатнасып атырған ағзалардың көпшилик даўысы менен қабыл етиледи ҳәм жумысшы топарлардың басшылары тәрепинен тастыйықланған протоколлар менен рәсмийлестириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги