Илим тараўындағы ҳаял-қызлар күни белгиленди

44

11-февраль – Халықаралық илим тараўындағы ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында “Илимли ҳаял-турақлы жәмийетке қарай” атамасында ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди.

Онда филиалда жумыс алып барып атырған илимпаз ҳаял-қызлар, студент-қызлар, сондай-ақ, магистрант ҳәм докторантлар қатнасты.

Илаж даўамында қатнасыўшылар илим тараўының бүгинги раўажланыў тенденциялары, инновациялық изертлеўлерди кеңейтиў, илимий излениўлердиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жаслардың илимий потенциалын жоқарылатыў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысты.

Ветеринария илимлери бойынша философия докторы (PhD) А.Камалова шығып сөйлеп, илим тараўында ҳаял-қызлардың орны ҳәм олар ушын жаратылып атырған имканиятларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде илим тараўында ҳаял-қызлардың үлеси үлкен. Олар тек ғана әмелиятта емес, ал илимий изертлеўлерде де өз потенциалын көрсетпекте. Әсиресе, жас қызларға илимий жумысқа еркин кириў, өз арзыў-нийетлерине ерисиў ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Филиалда да илим менен шуғылланып атырған ҳаял-қызлардың саны жылдан-жылға артып бармақта. Илимий дәрежеге ийе ҳаял оқытыўшылардың қатары кеңейип, олардың илимий изертлеўлердеги белсене қатнасыўы да сезилерли дәрежеде артпақта.

Илаж даўамында филиалда жумыс алып барып атырған илимпаз ҳаял-қызлар ҳәм студент-қызлар арасында илимий жумыслар бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Илимпаз ҳаял-қызлар өзлериниң илимий жоллары, излениў процесиндеги қыйыншылықлар ҳәм ерисилген жетискенликлери ҳаққында айтып, жасларға күшли мотивация бағышлады. Студент-қызлар болса, илим тараўында өз орнын табыў, инновациялық жойбарларда қатнасыў ҳәм устазлар тәжирийбесинен нәтийжели пайдаланыў бойынша баҳалы усынысларға ийе болды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги