Тәжикстан “Талибан”ды тән алмайжақ

10

Тәжикстан Республикасы ҳәзирги Аўғанстан ўақытша ҳүкиметине байланыслы позициясын өзгертпеди.

Еки мәмлекеттиң түрли уйымларының басшылары арасындағы барлық дипломатиялық ҳәм жумысшы байланыслар зәрүр ҳәм биринши гезекте қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған, деди Тәжикстан Стратегиялық изертлеўлер орайының басшысы Хайриддин Усмонзода.

Оның сөзлерине бола, белгили тараўлардағы бирге ислесиў, гуманитарлық жәрдем ҳәм улыўма шегарадағы қәўипсизлик мәселелерине байланыслы байланыслар сақланып қалмақта.

Ол сондай-ақ, Тәжикстан ҳәзирги ўақытта Аўғанстанды басқарып атырған “Талибан” ҳүкиметин тән алмайтуғынын атап өтти.

ӨзА