Украина президентлик сайлаў ҳәм референдум өткериўге таярланбақта

44

Украина президентлик сайлаўын Россия менен итималлы тынышлық келисими бойынша улыўмахалықлық референдум менен бирге өткериў нийетинде, деп жазбақта “Синьхуа” мәлимлеме агентлиги.

Атап өтилиўинше, Трамп администрациясы еки даўыс бериўди де 15-майға шекем өткерилиўин талап етпекте, егер бул талап орынланбаса, Украина АҚШ тәрепинен берилетуғын қәўипсизлик кепилликлеринен айырылыўы мүмкин.

Елимизде сайлаўлар өткерилиўи мақулланса, Украина парламенти урыс шараятында даўыс бериўге руқсат бериўши нызамшылыққа өзгерислер киргизеди. Ҳәзирги ўақытта мәмлекет әскерий жағдайда, бундай жағдайда республика нызамшылығына бола, миллий сайлаўларды өткериў қадаған етиледи.

Хабарларға бола, Зеленский сайлаў ҳәм референдум режелерин февраль айының ақырларында жәрияламақшы.

Мағлыўмат орнында, жақында Абу-Даби қаласында АҚШтың жәрдеминде РФ ҳәм Украина арасындағы сөйлесиўлердиң екинши раунды жуўмақланды. Онда еки тәреп те кең көлемли тутқынлар алмасыўына келисип алды, бирақ аймақлық келисимлер ҳәм оқ атыўды тоқтатыў сыяқлы тийкарғы мәселелер елеге шекем шешилмей қалмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги