Германияда жаңа технология
9

Германияның Оффенбах қаласында дүньядағы биринши жалынсыз ислейтуғын санаат водород ысытыў системасы иске түсирилди.
Қурылма сийрек ушырасатуғын каталитикалық процесстен пайдаланады: водород кислород пенен реакцияға кирисип, карбонат ангидрид ҳәм басқа да зыянлы затларды ажыратпастан ыссылық ҳәм суў пуўын пайда етеди.
Жаңа технология водородтың жаныў шегарасынан төмен температурада ислеўи себепли қәўипсизликти тәмийинлейди ҳәм ҳаўаны 300°С қа шекем қыздырыўға уқыплы. Қуўатлылығы 10 кВт болған система үлкен имаратларды ысытыўға мөлшерленген ҳәм энергия системасындағы жоқары жүклемелерди қаплаў ушын ыссылық насослары менен биргеликте ислетилиўи мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги