Россиялы легионердиң голы «Арал»ға жеңис алып келди
36

Ташкент қаласында оқыў-шынығыў жыйынларын өткерип, жаңа футбол мәўсимине таярланып атырған Нөкистиң «Арал» клубы және бир неше жолдаслық ойынларда қатнасты.
Атап айтқанда, командамыз ағзалары Қырғыз Республикасының «ОшМУ-Алдиер» клубы менен 0:0 ойнаған болса, бүгин Про-лиганың жаңа ўәкили Самарқанд ўәлаятының «Каттақўрғон» клубын 1:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Ушырасыўдағы жеңис тобын «Арал» клубының россиялы легионери Марк Краснов урыўға еристи.
Командамыздың оқыў-шынығыў жыйынлары еле даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы