Сенат: Сыртқы байланысларда миллий мәплерди алға қойыў, экономикалық дипломатияны күшейтиў әҳмийетли

7

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң 2025-жылдағы жумысы бойынша мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилиўинше, өткен жыл даўамында мәмлекеттиң сыртқы сиясатын әмелге асырыў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылған. Халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңберинде миллий мәплерди жедел алға қойыў, сырт елдеги пуқараларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў дыққат орайында болған.

Сыртқы экономикалық байланысларды кеңейтиў, сырт ел инвестициялары, экспорт, туристлердиң көлемин арттырыў, жаңа транспорт коридорларын раўажландырыў бағдарында да системалы жумыслар алып барылған.

Мәжилисте Президентимиздиң Мүрәжатнамасында және усы жыл 15-январь күни Сыртқы ислер министрлиги ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалардың жумысы мәселелерине бағышланған видеоселекторда қойылған ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў зәрүрлигине итибар қаратылды.

Сыртқы байланысларды буннан былай да раўажландырыў, миллий мәплерди жедел алға қойыў, экономикалық дипломатияны күшейтиў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды өз ўақтында орынлаў әҳмийетли екенлигине итибар қаратылды.

Дүнья көлеминдеги қурамалы геосиясий жағдайға қарамастан, Президентимиз тәрепинен белгиленген ашық, прагматикалық ҳәм интакер сыртқы сиясатты избе-из әмелге асырыў нәтийжесинде Өзбекстан халықаралық майданда исенимли ҳәм абырайлы шерик сыпатында өз орнын беккемлеп атырғаны атап өтилди.

Соның ишинде, 2025-жылы 26 сырт мәмлекетке жоқары дәрежедеги сапарлар әмелге асырылғаны, бир қатар мәмлекет басшыларының Өзбекстанға сапарлары шөлкемлестирилгени, “Орайлық Азия плюс” форматындағы көп тәреплеме сөйлесиўлер нәтийжели өткени, стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылған мәмлекетлердиң саны 19, дипломатиялық байланыс орнатылған мәмлекетлердиң саны болса 165 ке жеткени атап өтилди.

Сенаторлар Өзбекстанның халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў, сыртқы экономикалық байланысларды раўажландырыў, пуқаралардың мәплерин жедел қорғаў, сырт ел инвестицияларының ағымын арттырыў, мәмлекеттиң экспорт потенциалын арттырыўда әмелий нәтийжелиликке ерисиў бойынша өз усынысларын билдирди.

Додалаў жуўмақлары бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА