Өзбекстан стенди халықаралық сыйлық пенен сыйлықланды

Ҳиндстанның Мумбай қаласында өткерилген Азияның ең ири туристлик көргизбелеринен бири – “OTM Mumbai” шеңберинде Өзбекстан Республикасы Туризм комитети тәрепинен шөлкемлестирилген миллий стенд жоқары итибарға еристи.
Туризм тараўы мәмлекет экономикасы ҳәм мәдений брендти раўажландырыўда әҳмийетли роль атқарады. Сонлықтан, халықаралық көргизбелерде белсене қатнасыў ҳәм мәмлекетимизди кеңнен үгит-нәсиятлаў Өзбекстан туризминиң жәҳән майданындағы абырайын арттырыўға хызмет етеди.
“Fairfest Media Ltd” халықаралық компаниясы тәрепинен өткерилген көргизбе нәтийжелерине бола, Өзбекстан “Ең перспективалы жаңа туристлик бағдар” (Most Promising New Destination) номинациясында жеңимпаз деп табылды ҳәм көргизбе шөлкемлестириўшилери тәрепинен берилетуғын абырайлы “OTM Excellence Award” сыйлығын қабыл етти.
Бул тән алыў Өзбекстанның бай мәдений мийрасы, туристлик потенциалы ҳәм халықаралық майдандағы жедел үгит-нәсиятлаўдың және бир айқын дәлили болып есапланады. Миллий стендтиң табысы Өзбекстан туризмин дүнья базарында және де кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм туристлер ағымын арттырыўға хызмет етиўи күтилмекте.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА