Үй жағдайында анемиядан қутыламыз

Анемия – бул қанда гемоглабин яки эритроцитлердиң жетиспеўшилиги болып есапланады. Ҳәзирги күндеги экологиялық машқалалар, шор суў, ҳәмиледарлық дәўири, надурыс аўқатланыў, ҳәрекетлениўдиң азлығы, организмдеги паразитлер себепли пайда болып атырған кемқанлық көпшиликти қыйнап келмекте. Буның себебинен организмге кислород жетерли дәрежеде бармайды нәтийжеде тез шаршаў, ҳәлсизлик, бас айланыўы, жүректиң тез урыўы, дем қысыўы сыяқлы белгилер пайда болады.
Ал, бул кеселликти үй жағдайында қалай емлесек болады?
Дәслеп темирге бай аўқатларды күнлик рационға қосыў лазым.
Ең темирге бай ҳәм бәршениң үйинен табылатуғын мал ямаса қой баўыры (ҳәптесине 2-3 мәрте), мал, қой ҳәм таўық гөши, балық өнимлерин турақлы пайдаланыў мақсетке муўапық.
Өсимликлерден горох, лобия, мәш, шпинат, гречкалы аўқатлар нәтийжели болып табылады.
Кептирилген мийўелерден кишмиш, ерик, ғоза, араб қурмасы, әнжирди рационнан айырмаў керек.
Егер 200 грамм кишмиш, 200 грамм қақ ерик ямаса ғоза, 100 грамм араб қурмасы, пал (қәлеўиңиз бойынша) ҳәм 1-2 тамшы лимон суўын араластырып, күнине 2-3 ас қасық шай ямаса нан менен жесеңиз 2-3 ҳәптеде гемоглабин сезилерли дәрежеде көтериледи. Бул араласпаны балаларға да биймәлел берсеңиз болады.
Ләблеби ҳәм гешир ең арзан ҳәм нәтийжели өним. Буларды салат ямаса сок түринде қабыллаў жақсы нәтийже береди.
Буннан басқа да анар ҳәм алма темирге ең бай өнимлерден есапланады.
Жоқарыдағы өнимлерди С витамини менен яғный лимон, анар, болгар бурышы менен биргеликте қоллансаңыз және де жақсы нәтийжеге ерисесиз.
Қайсы өнимлерден пайдаланыўды азайтыў керек?
Шай ҳәм кофе, сондай-ақ, шоколад ҳәм какао – булар анемияда денсаўлығымыздың ең үлкен душпаны. Себеби қурамындағы таннин темирди байлап таслайды. Әсиресе, қара шай аўқат пенен бирге ишилсе темирдиң сорылыўын кескин азайтады. Сол себепли буларды аўқатланбастан 1-2 саат алдын ямаса кейин ишиў мәсләҳәт бериледи. Кишкене балаларға шай ҳәм кофе улыўма мүмкин емес.
Сүт өнимлери (сүт, қатық, сметана, музқаймақ) кальцийге бай болғаны менен темирди блоклайды сол себепли темирге бай аўқатлар менен қолланылмағаны ямаса 1-2 саат алдын болмаса кейин ишилгени дурыс.
Жоқарыдағы мәсләҳәтлерге әмел етсеңиз, үй жағдайында дәрилерсиз де гемоглабин тез көтериледи. Егер гемоглабин муғдары жүдә пәс ҳәм белгилер күшли болса шыпакерге мүрәжәт етиң!
Интернет материаллары тийкарында таярлаған Бибисанем Жолдасбаева,
Бердақ атындағы ҚМУ дың 2-курс магистранты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги