«Жас әўлад» – жаңалыққа бай мәҳәлле

21

2026-жыл Өзбекстан Республикасында “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы” деп белгиленди. Бул мәҳәллелердиң және де раўажланыўына, онда жасап атырған халықтың абадан, тыныш ҳәм бир-бири менен татыўлықта жасаўына хызмет етеди.

Пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан “Жас әўлад” мәҳәллеси де бул тарийхый жылға таярлық көриўде белсене қатнасты. 27,85 гектар майданда жайласқан мәҳәлледе бүгин 1706 шаңарақта 4883 пуқара тыныш-татыў жасап келмекте. 2025-жыл даўамында мәҳәлледе әмелге асырылған жумыслар ҳәм ерисилген жетискенликлер тек ғана халықтың турмыс дәрежесин арттырып қоймастан, ал «Жас әўлад» атына мүнәсип болған жасларымыз ушын заманагөй шараят жаратты.

Мәҳәллениң ең әҳмийетли жетискенликлеринен бири өз имаратына ийе болыўы болды. 2024-жылдың ноябрь айында өткерилген “Басламалы бюджет” порталында мәҳәлле имаратын қурыў жойбары усыныс етилди ҳәм даўыс бериў басқышында мәҳәлле турғынлары белсене қатнасып, жойбар жеңимпазға айланды. Нәтийжеде мәмлекетлик бюджет есабынан ажыратылған 1 миллиард 360 миллион сум қаржы есабынан заманагөй ҳәм барлық шараятларға ийе мәҳәлле имараты қурылып, 2025-жылы пайдаланыўға тапсырылды. Бул жойбар тек ғана инфрастуктураны жақсылап қоймастан, мәҳәлледеги халықтың аўызбиршилигиниң ҳәм белсендилигин де арттырды.

Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықты жумыс пенен бәнт етиў бойынша да үлкен нәтийжелерге ерисилди. Жыл даўамында мәҳәлледеги 120 адам жумыс пенен тәмийинленди. Соннан аймақтағы жумыссыз 80 пуқараға улыўмалық есапта 1 миллиард сумға шамалас жеңиллетилген кредит ажратылды. Бул арқалы пуқаралардың өз идеяларын ҳәм басламаларын турмысқа енгизиўде жәрдем берилди.

Нәтийжеде, барлық кредит алыўшылар өз исбилерменлигин жолға қойып, ҳәзирде жумысларын кеңейтип, жеке дәраматларына ийе болды ҳәм шаңарақларына дәрамат киргизбекте.

Жумыссыз ҳаял-қызларды кәсипке бағдарлаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде “Ишга марҳамат” моноорайларында, Саўда-санаат палатасындағы исбилерменликке көмеклесиў орайлары, сондай-ақ, ҳаял-қызлар исбилерменлик орайларында оқыўы ушын жолламалар берилди.

Нәтийжеде мәҳәллемиздеги жумыссыз 105 ҳаял-қыз заманагөй ҳәм ҳәзирги күнде талап жоқары болған кәсиплерге оқытылып, тигиўшилик, компьютер саўатлылығы, аспазлық, гөззаллық салоны, ҳаял-қызлар ҳәм балалар массаж қәнигеси, балалар тәрбияшысы тараўлары бойынша жумыс ислеп, өз дәрәматын арттырмақта.

“Жас әўлад” мәкән пухаралар жыйынында жаслар арасында спорт ҳәм саламат турмыс тәризин раўажландырыў бойынша да көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Әсиресе, мәҳәлле жасларынан бири Айна Қурбаниязова “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде өткерилген спорттың пара шашка түри бойынша Өзбекстан Республикасы басқышында 1-орынды ийелеп, мәҳәллелеслериниң перзентлери спорт пенен шуғылланыўы ушын универсал спорт майданшасын қурыў имканиятын жеңип алды. Мәҳәлле жасларының бири Қоблан Камалов 2025-жылы Азия чемпионатында қылышласыў спортының шпага түринен жеке ҳәм командалық есапта жеңимпаз болыўға еристи.

Бундай жасларымыздың жеңислери тек ғана жеке жетискенлик емес мәҳәлле халқы ушын да қуўанышлы жаңалық болды.

Жоқарыдағылар мәҳәлледеги жетискенликлердиң кишкене бир бөлеги ҳәм басланыўы, 2026-жыл – “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў” жылында “Жас әўлад” мәҳәллеси және де абат, заманагөй ҳәм шырайлы мәкәнға айланатуғыны анық.

Бибисанем Жолдасбаева,

Бердақ атындағы ҚМУ дың 2-курс магистранты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги