Қарақалпақстанда спорттың раўажланыўы жаңа басқышта

23

Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Өзбекстан журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң шөлкемлестириўи менен республикамызда спорт тараўында жүргизилип атырған реформалардың барысы ҳаққында кең жәмийетшиликти таныстырыў мақсетинде баспасөз әнжуманы ҳәм пресс-тур шөлкемлестирилди.

Илажға спорт тараўының жуўапкер басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Еркинбай Қутыбаев соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында спорт тараўын еле де раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм қоллап-қуўатлаўды айтып өтип, буның нәтийжесинде, Өзбекстан, соның ишинде қарақалпақстанлы спортшылардың Азия ҳәм жәҳән чемпионатлары, Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында қолға киргизип атырған табысларына мақтаныш пенен тоқтап өтти.

– Соңғы жыллары республикамызға кирип келген қылышласыў спортының өзинде республикамыз ўәкиллери халықаралық жарысларда қаншама жоқары пробалы медальларды алып келди, – деди министр өз сөзинде. – Әлбетте, бул нәтийжелердиң барлығы қурыдан-қуры болып атырған жоқ. Бунда ең биринши гезекте, елимизде балалар ҳәм жаслардың спорт пенен шуғылланыўына қаратылып атырған жоқары итибар, жаратылып атырған қолайлы шараят, тренерлердиң ислеген мийнетлериниң мүнәсип баҳаланыўы айрықша орын тутпақта. Буның ушын ҳүрметли Президентимизге ҳәм республикамыз басшыларына үлкен рахмет айтамыз.

Баспасөз әнжуманында журналистлер тәрепинен тараў басшыларына бүгинги күни спорт жанкүйерлерин қызықтырып жүрген бир қатар сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды. – Бурын миллионлар ойыны болған, ҳәзир миллиардлар ойынына айланған футболға қызығыўшылық республикамызда оғада жоқары, -дейди Е.Қутыбаев. – Балалар футболына қаратылып атырған итибардың нәтийжесинде, бүгинги күни Муҳаммедалий Реймов, Баҳадыр Избасқанов, Азиз Еримбетов, Нурбек Сарсенбаев, Самандар Муратбаев сыяқлы жасларымыз мәмлекетимиздиң жетекши клублары менен бирге, жаслар ҳәм олимпия сайланды командаларында табыслы ойнамақта. Соның ишинде, Самандар Муратбаевтың миллий сайланды команда қурамына шақырылыўы бизлерге айрықша қуўаныш бағышлайды. Соның менен бирге, Нөкистиң «Арал» командасын быйылғы жылы Супер-лигаға шығарыў мақсетинде, сырт еллерден шебер футболшылар шақырылып, оның қурамы күшейтилмекте. Командамыз өз ойынын өткеретуғын «Туран» стадионы заман талапларына сай қурылмақта ҳәм ол жақын айлар ишинде, халық ийгилигине тапсырылады. Өткен жыл ақырында республикамызда мини футболды раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилген «Арал» клубы болса, ҳәзирги күни футзал бойынша Өзбекстан чемпионатының биринши лигасында ойнап, ҳәзирги ўақытта 2-орынды ийелеп келмекте. Несип етсе, быйылғы жылы «Арал» футбол клубы Супер-лигаға қайтып, өз жанкүйерлерин қуўанышқа бөлейди деп нийет етип отырмыз.

Сондай-ақ, жеңил атлетика бойынша да Россиядан, жүзиў спортынан, бокс бойынша басқа жақлардан күшли ҳәм тәжирийбели тренерлер республикамызға мирәт етилди.

Баспасөз әнжуманынан соң тараў басшылары журналистлерди Нөкис қаласында ашылған Республикалық Гимнастика спорт түрлерине таярлаў орайы ҳәм «Гүрес шеберлиги”  спорт мектебине алып барып ол жерде тренерлер ҳәм тәрбияланыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

  • 18-жылдан бери гимнастика бойынша балаларға спорт гимнастикасының сырларын үйретип келмектемен, – дейди Улығбек Адилбеков. – Республикамыз жасларының гимнастикаға қызығыўшылығы жоқары. Шынығыўлар еки мезгилде алып барылмақта. Усындай қолайлы шараятларды жаратып бергени ушын Президентимизге үлкен рахмет айтамыз.

Балалардың спорт гимнастикасы, трамполин ҳәм көркем гимнастика бойынша шуғылланыўына барлық қолайлы шараятлар жаратылып берилген бул орайда ҳәзирги ўақытлары республикамыздың ең күшли гимнастикашылары тәлим алмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл
25-декабрдеги “2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-404-санлы қарары тийкарында қурып питкерилген “Гүрес шеберлиги” спорт мектеби де усындай заманагөй оқыў орынларының бири болып табылады.

  • 2025-2026-оқыў-жылына белгиленген жыллық квота 130 оқыўшы болып, ҳәзирги ўақытта 110 оқыўшы қабыл етилди ҳәм соннан 90 оқыўшы 55-санлы мектебине оқыўга орналастырылды, – дейди усы мектеп методисти Жамшид Турабаев. – Спорт мектебимизде жас спортшылардың еркин гүрес, ҳаял-қызлар гүреси ҳәм миллий гүрес түрлери бойынша тәжирийбели тренерлер менен еки мезгил шынығыўлар алып бармақта. Оқыўшыларымыз жатақхана, бес мезгил аўқат, медицина хызмети, китапхана ҳәм басқа да қолайлықлар менен толық тәмийинленген.
  • Миллий гүреске қызыққанлығым себепли, Қоңырат районынан келип усы мектепте оқып атырман, – дейди Зарина Хожабаева. – Бул жерде бизлер ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Спорт залларымыз, жатақханамыз, асханамыз жыллы. Мийрибийкелер ҳәр күни денсаўлығымызды бақлап барады. Бундай шараятларды жаратқаны ушын Президентимизге терең миннетдаршылық билдиремен. Келешекте Азия ҳәм жәҳән чемпионы болыўға ҳәрекет етемен.

Республикамыз балаларына жаратылып атырған бундай қолайлылықлар жаслардың ертеңги күнге деген  исенимин беккемлеп, оларды алға қарай умтылдырмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы