Японияның мийнет базары ушын қәниге таярлайтуғын орай иске қосылады

21

Қарақалпақстан жаслары ушын және бир жаңа имканиятлар есиги ашылмақта.

Усы жылдың 16-23-январь күнлери Японияның «Joho Venture Cooperative» ҳәм «Orange» компаниялары басшыларының Өзбекстанға сапары шөлкемлестирилген еди. Сапар шеңберинде Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети басшылары менен бир қатар ушырасыўлар өткерилди.

Сөйлесиўлер жуўмағында «Orange» компаниясы ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети арасында япон тили ҳәм кәсип-өнерге оқытыў орайын шөлкемлестириў бойынша меморандумға қол қойылды. Бул орайда билимлендириў процеси бийпул тийкарда шөлкемлестирилип, оқытыўға Япониядан маман қәниге-оқытыўшылар тартылыўы режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги