Аграр тараўдағы бирге ислесиў мәселелери додаланды

Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов UNESCO жанындағы Жәҳән илимлер академиясы (TWAS) атқарыўшы директоры Марсело Кнобель менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында аграр тараўда илим ҳәм билимлендириўди үнлес раўажландырыў, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Сөйлесиў алдынан министр Өзбекстанда аграр бағдарда әмелге асырылып атырған илимий изертлеўлер, билимлендириў системасында алып барылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берди. Атап айтқанда, заманагөй аграр билимлендириў талапларына сәйкес, инсаныйлық принциплерине тийкарланған оқыў-тәрбиялық көзқараслары, соның ишинде, HECI принциплериниң басқышпа-басқыш енгизилип атырғаны айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў процесинде Жәҳән илимлер академиясы (TWAS) ҳәм Өзбекстанның аграр бағдардағы илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери арасында бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, биргеликтеги илимий жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, қәнигелер алмасыўын жолға қойыў бойынша бир қатар усыныслар көрип шығылды.
Тәреплер бул басламалар аграр тараўда илимий потенциалды арттырыў, маман кадрлар таярлаў сапасын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм оны избе-из раўажландырыў бойынша келисимге ерисип, келешекте анық бағдарлар тийкарында бирге ислесиўди және де тереңлестириўге таяр екенлигин билдирди.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзАныӊ хабаршысы