Реимбурсация бағдарламасына бағышланған баспасөз әнжуманы

61

Елимизде мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасын басқышпа-басқыш енгизиў шеңберинде Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры Реимбурсация бағдарламасын әмелге асырмақта. Бағдарлама 2022-жылы басланған болып, аймақларда басқышпа-басқыш кеңейтилмекте.

Мағлыўмат ушын айтыў керек, Реимбурсация бағдарламасы арқалы созылмалы кеселликлерге шалынған наўқасларға шаңарақлық шыпакер тәрепинен жазылған электрон рецепт тийкарында дәри-дәрмақлар бийпул бериледи.

Ҳәзирги ўақытта бағдарламаға артериаллық гипертония, жүрек ишемиялық, қантлы диабеттиң 2-түри, қантсыз диабет, бронхиал астма, өкпениң созылмалы обструктив ҳәм асқазан-ишек системасы кеселликлери сыяқлы 12 кеселлик топары киргизилген. Бул кеселликлер ушын 28 түрдеги дәри қураллары амбулатор емлениўде бийпул усыныс етиледи.

Пайтахтымызда өткерилген “Реимбурсация бағдарламасы: мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў арқалы халыққа берилип атырған дәри-дәрмақлар” атамасындағы баспасөз конференциясында әне усылар ҳаққында сөз етилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры, Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы, “Дәри-дәрмақ” акционерлик компаниясының жуўапкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, Президентимиздиң тийисли қарарына муўапық, ҳәзирги ўақытқа шекем Ташкент қаласы, Қарақалпақстан Республикасы, Сырдәрья, Самарқанд, Наўайы, Хорезм, Бухара ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында Реимбурсация бағдарламасы толық енгизилди.

Оның шеңберинде созылмалы кеселликлерге шатылған наўқасларға шаңарақлық шыпакер жазған электрон рецепт тийкарында 28 түрдеги дәри-дәрмақлар амбулатор емлениў ушын бийпул берилмекте. Дәри қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры тәрепинен қаплап берилмекте.

2025-жылдың ақырына бола, Реимбурсация бағдарламасы шеңберинде 1 миллион 314 мың наўқас дәри-дәрмақлар менен тәмийинленди. Усы жылы бул механизм мәмлекетимиздиң қалған аймақларында да толық жолға қойылатуғыны белгиленген.

Әнжуманда жуўапкерлер Ташкент қаласы ҳәм 15 тәжирийбе-сынақ аймағында әмелиятқа енгизилген “Электрон рецепт” системасы менен Реимбурсация бағдарламасы тийкарындағы электрон рецептти алжастырмаў керек екенлигин атап өтти.

Реимбурсация бағдарламасында электрон рецепт тийкарында диспансер қадағалаўында турыўшы наўқасларға дәри-дәрмақлар бийпул бериледи. “Электрон рецепт” системасында болса наўқас дәрини сатып алады.

Атап өтилгениндей, Реимбурсация бағдарламасы халықты сапалы ҳәм кепилленген дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў, созылмалы кеселликлер ақыбетлерин азайтыў ҳәм медициналық хызметлердиң ашық-айдынлығын арттырыўға хызмет етеди.

Илажда журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден толық жуўап алды.

Моҳигул ҚОСИМОВА,

ӨзАныӊ хабаршысы