Әскерлер усыныснама ушын тест тапсырды

14

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлерине қараслы әскерий бөлимлердиң биринде мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерлердиң жоқары оқыў орынларына кириўде жеңиллик беретуғын усынысты қолға киргизиўи ушын тест сынақлары өткерилди.

Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлиминде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеп болған пуқараларға жеңилликлер системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген бул илажда жүзлеген әскерлер қатнасты.

Тест сынақларында ҳәр бир әскер өз билимин және бир мәрте сынақтан өткерди. Сынақлар даўамында әскерлердиң жаўынгерлик таярлығы, жәмийетлик-сиясий билимлери ҳәм логикалық пикирлеўине айрықша итибар қаратылды.

– Бүгин мен де бирге хызмет өтеген досларым менен биргеликте жеңиллетилген усыныснама алыў ушын тест сынақларына қатнастым, – дейди әскерий хызметкер Л.Жўраев.

Усыныс хатын қолға киргизгеннен соң, елимиздеги абырайлы жоқары оқыў орынларының бирине кирип, елимиздиң раўажланыўына үлес қосатуғын кадр болмақшыман.

Тест сынақларында жоқары нәтийже көрсеткен әскерлер МҚХ шегара әскерлери сәркардалығының усынысына ылайық деп табылады. Бул ҳүжжет жигитлер ушын келешек есигин ашып, әскерий жоқары оқыў орынлары ушын да республиканың жоқары әскерий билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўде топлаған балларының 50 проценти муғдарында қосымша балл усынылады.

Ал, пуқаралық жоқары оқыў орынлары ушын барлық мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына қабыллаў параметрлеринен тысқары ажыратылған айрықша квоталар шеңберинде таңлаўда қатнасыў ҳуқықын береди.

Өткерилген тест процесслери толық видеобақлаў астында, ашық-айдын тәризде шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги