Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери телефон арқалы сөйлести

7

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сөйлести.

Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Товар алмасыўдың пәти турақлы екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Санаат кооперациясы жойбарлары әмелге асырылмақта, ири инфраструктуралық жойбарлар, соның ишинде, “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолы ҳәм Қамбарата гидроэлектр станциясының қурылысы бойынша биргеликтеги жумыслар даўам еттирилмекте.

Президентлер регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алысты, болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин додалады.

 

ӨзА